Мойнақ районының орайлық стадионында реконструкция жумыслары басланды. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Стадион 1000 орынлық болып, реконстукция жумыслары толық жуўмақланғаннан соң заманагөй түске енген стадионда район турғынлары спорттың бир неше түрлери бойынша турақлы түрде шуғылланыў мүмкиншилигине ийе болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги