Дзюдо бойынша 2 мәрте жәҳән чемпионы, 3 мәрте Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси, Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген спорт устасы, «Ўзбекистон ифтихори» көкирек нышаны ийеси, халықаралық дәрежедеги спорт устасы Ришад Сабиров пайтахтымызда мийманда болып, жақында пайдаланыўға тапсырылған жаңа спорт комплекинде дзюдо менен шуғылланыўшы жасларға шеберлик сабағын өтти.

Сабақ барысында ол ҳәр қыйлы әмеллер, техникалар, тактикаларды көрсетип, қай жерде қайсы усылды пайдаланыў кереклиги, қарсыласына қалай басым өткериў усылларын, қыйын жағдайлардан шығып кетиў жолларын үйретти.

Соң Р.Сабиров Нөкис Олимпия резервлери колледжинде ҳәм  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спортшы жаслар менен ушырасыў кешелерин өткерди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги