NetBlocks топары тәрепинен ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң экономикасына Интернет ямаса айрықша хызметлерди блокировкалаў арқалы жеткерилген финанслық зыян муғдарын есаплаў мүмкин болған калькулятор жаратылды. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Мәселен, Өзбекстанда бир күнге интернетти блоклаў 31 726 524 АҚШ долларына, салыстырыў ушын бул көрсеткиш Қазақстанда 169 560 004 АҚШ долларына, Россияда болса 307 379 499 АҚШ долларына түседи екен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги