Жақында Арқа-Батыс әскерий округи басқарыў аппаратының хызметкерлери 14-январь «Ўатан қорғаўшылар  күни» байрамы мүнәсибети менен  хызмет пайтында  мезгилсиз қайтыс болған марҳум подполковник  юрист  Сапарбай Мамутов ҳәм әскерий хызметкер, капитан Рустам Джанбаевлардың  шаңарағынан хабар алды. 

Марҳумлардың шаңарақ ағзаларына  ун, ақ май,  гүриш ҳәм тағы басқа да бир қанша азық-аўқат  өнимлерин  байрам саўғасы ретинде тапсырды.

– Күйеўим  әскерий хызметкер Рустам Джанбаев өмирден ерте көз жумды. Бирақ оның изинде үш перзенти қалды. Турмыстың қыйшылықларына қарамастан  бир қыз ҳәм еки улымды тәрбиялап камалға келтирдим, – дейди Сапура Айымбетова.- Әлбетте, мәмлекетимиз тәрепинен ўақтында тийисли жәрдемлер көрсетилди. Ҳәзир перзентлерим  жоқары мағлыўматлы ҳәм маман қәниге болып мийнет етпекте. Ортаншы перзентим Алишер Джанбаев  әкесиниң жолын даўам етип Қураллы Күшлер тараўында хызмет етпекте. Өзим болса Нөкис қаласындағы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде бир неше жыллар даўамында есапшы болып жумыс исследим. Көрсетилип атырған жәрдем ҳәм ғамхорлық ушын Елбасшымызға миннетдармыз. Пурсаттан пайдаланып елимиз азаматларын байрам менен қутлықлайман.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги                                                                                                                             (Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)