Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм  қорша­ған орталықты қорғаў комитети тәрепинен республикамыздағы экологиялық жағдайды жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, комитет хызметкерлери тәрепинен халықымыздың қоршаған орталыққа болған мүнәсибетин күшейтиў, экологиялық мәдениятын раўажландырыў, сондай-ақ, тәбиятты қорғаў саласындағы нызамлар менен ҳүкимет қарарларының мазмун-мәнисин түсиндириў, аймағымызда жүз берип атырған машқалаларды жумсартыў бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсият жумыслары алып барылып, халық арасында ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Сондай-ақ, шығындылардың инсан саламатлығына, қоршаған орталыққа тәсири бойынша кәрханаларда, мәкемелерде, пуқаралар жыйынларында түсиник жумыслары алып барылмақта.

– Комитет тәрепинен тәбиятты қорғаў тараўында қабыл етилген нызамшылық талапларының ҳәм ҳүкиметлик қарарлардың орынланыўын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди комитеттиң Улыўма мәлимлеме-таллаў бөлиминиң баслығы Б.Ибрагимов. – Атап айтқанда, атмосфера ҳаўасының тазалығына ерисиў, суў ҳәм жер ресурсларының, қоршаған орталықтың шығындылар менен патасланыўының алдын алыў мақсетинде экология саласында арнаўлы ўәкилликке ийе болған уйымлар менен биргеликтеги алып барылатуғын жумыслар белгиленип, нәтийжели түрде әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы менен биргеликте  есабат жылында 2 басқышта «Таза ҳаўа» илажы өткерилип, тексериўден өткерилген 16809 автотранспорттың 1025ине атмосфераға тасланатуғын зыянлы шығындыларының муғдары белгиленген нормадан артық екенлиги анықланғаны ушын, усы автотранспорт басқарыўшыларына нормаға келтириў бойынша көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, 78 кәрханаға шығындыны жайластырыўдың шекленген муғдарын белгилейтуғын экологиялық нормативлик ҳүжжетлери ислетилди ҳәм экологиялық экспертиза жуўмақлары берилди.

Қоршаған орталықты патаслайтуғын кәрхана ҳәм мәкемелердиң есабынан 151 тәбиятты қорғаў илажларының орынланыўы нәтийжесинде, атмосфераға тасланатуғын зыянлы шығындылар муғдары 435,5 тоннаға кемейди.

Қоршаған орталықты шығынды, тасланды менен патаслайтуғын 67 кәрхананың 386 дерегинен алынған 679 сынама үлгилерине исленген 2441 анализдиң жуўмағы бойынша 13 деректе шығындылар муғдары белгиленген нормадан артық екени анықланып, сапластырыў ушын тийисли көрсетпелер берилди.

Комитетимиз жанындағы «Таза аймақ» МУКның орынлардағы филиалларының материаллық-техникалык базасын беккемлеў мақсетинде «СамАвто» ЖШЖден 13 дана арнаўлы техника (мусоровоз), Ташкент қаласындағы «Крантас» АЖдан 17 дана техника ҳәм 45 дана контейнер сатып алып келинди. Алып келинген техникаларға жаңа аймақлар бекитилип, ҳәзирги ўақытта график бойынша абонетлерге хызмет көрсетип келмекте.

«Таза аймак»  МУК ҳәм «Кварц» АЖ арасында шийше шығындыларын жыйнаў ҳәм тапсырыў бойынша еки тәреплеме шәртнама дүзилди ҳәм орынлаў илажлары көрилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-майдағы  қарарына тийкар, 2019-2021-жылларда «Таза аймақ»  МУКна 2019-2021- жылларда, жәми 57 дана арнаўлы техникалар (мусоровоз) сатып алыў режелестирилген.

2019-жылда жаңадан 95 орында шығынды жыйнаў орынларын қурыў ҳәм оларды 380 дана, ҳәрекет етип турған шығынды жыйнаў орынларын 308 дана контейнерлер менен тәмийинлеў,  2020-жылда ҳәрекет етип турған шығынды жыйнаў орынларында 1 миллиард 380 миллион сумлық қайта реконструкциялаў жумысларын орынлаў режелестирилген.

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2018-жыл 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында экологиялық апатшылық орайы есапланған Мойнақ районында болып, оның жуўмақлары бойынша жақын еки жылға арналған мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилип, онда улыўма баҳасы 1,5 миллиард А#Ш доллары муғдарында 793 жойбар амелге асырылыўы белгиленген еди.

Соның менен бир қатарда ҳалық арасында өткерилген ушырасыўларда билдирилген усыныс ҳәм пикирлерди есапқа алып, Аралбойы аймағында жүз берип атырған экологиялық машқалаларды жумсартыўға, қоршаған орталықты қорғаў, жаңадан қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў, Арал тенизиниң суўдан қурыған ултанындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, ҳалықтың денсаўлығын ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаўға байланыслы бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.

Усы ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы қарары қабыл етилди ҳәм орынланыўы тәмийинленбекте.

Усы қарар менен 2019-2021-жылларда жаңадан қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў, ҳәрекеттегилерин раўажландырыўды басқышпа-басқыш әмелге асырыў илажларының «Жол картасы» ислеп шығылды. Бунда республикамызда қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың майданын 3 миллион гектарға жеткериў нәзерде тутылған.

Ҳәзирги ўақытта ҳәрекеттеги қорғалатуғын тәбийғый аймақларды Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети қурамына өткериў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарар жойбары таярланып, келисим ушын тийисли министрликлерге усынылды.

Соны да айрықша айтып өтиўим тийис, Ҳурметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Арал машқаласына дүнья еллериниң итибарын қаратыўы, усы жылдын 27-ноябрь күни БМШтың Нью-Йорк қаласындағы бас имаратында Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме Траст фондын дүзиўге бағышланған мәжлисинде қатнасыўы, мине усы тийкарында Траст фонды дүзилип, сол күннин өзинде  донор мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен 2,5 миллион долларға шамалас қаржылардың түсирилиўи халқымыз турмысында жүз берген тарийхый ўақыялар қатарына киреди.

Сондай-ақ, Тоғай хожалығы комитети ҳәм экология саласында арнаўлы ўәкилликке ийе болған уйымлар менен биргеликте Арал теңизиниң суўдан қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» қорғаў тоғайларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарар жойбары ислеп шығылды ҳәм келисим ушын тийисли министрликлерге усыныс етилди. Жойбардың улыўма нырқы 321,9 миллиард сумды қурайды.

Бунда 2019-2021-жылларда жәми 500 мың гектар, соннан 2019-жылда 100 мың гектар, 2020-жылда 160 мың гектар, 2021-жылда 240 мың гектар майданда дузға шыдамлы ҳәм тез өсетуғын сексеўил өсимликлерди туқымынан ҳәм нәлден егиў режелестирилди ҳәм егилетуғын аймақлардың схемасы ислеп шығылды.

Бүгинги күнде кең жәмийетшиликтиң қатнасында сексеўил туқымын жыйнаў ҳәм егилетуғын жерлерди тегислеп қарық жарыў илажлары көрилмекте.

Бүгинги күнге келип 53,2 гектар майданда сексеўил өсимлиги егилген ҳәм егиў ушын 223,6 гектар жер майданы таярланған.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.