«Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўиниң министрлер дәрежесиндеги Аўғанстан қатнасыўындағы биринши ушырасыўы 2019-жыл 13-январь күни Өзбекстан Республикасы Самарқанд қаласында болып өтти. Ушырасыўда Аўғанстан Ислам Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан, Қырғызстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы, Ҳиндистан Республикасы сыртқы ислер министрлери қатнасты.

Тәреплер Ҳиндистан ҳәм Орайлық Азия арасында мәдений, саўда ҳәм гуманитарлық байланыслар әзелден бар екенин атап өтип Ҳиндистан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы избе-из, нәтийжели ҳәм дослық қатнасықларын өз-ара пайдалы бирге ислесиўди еки ҳәм көп тәреплеме беккемлеў бағдарындағы умтылыслары қатаң екенин атап өтти.

Тәреплер қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде бирге ислесиў, өз-ара қоллап-қуўатлаў, әҳмийетли мәселелерди биргеликте шешиўге болған умтылысларын тастыйықлады. Усы мәниде, ушырасыў қатнасыўшылары 2018-жыл 15 –март күни Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының биринши исши (мәсләҳәт) ушырасыўы табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

Тәреплер барлық түрдеги ҳәм көринистеги терроризмди қаралап, пүткил дүнья халықлары ҳәм экономикасына қәўип туўдырып атырған терроризмге қарсы гүресиўде бирге ислесиўге келисип алды.

Министрлер Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикалық өсимине байланыслы машқалалар менен ўазыйпаларды өз-ара келисе отырып шешиўди тәмийинлейтуғын жойбарларды тең ҳуқықлылық, өз-ара пайда ҳәм мәплерди ҳүрмет етиў принциплери тийкарында ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў әҳмийетли екенин айрықша атап өтти.

Тәреплер экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын реал имканиятлар жаратыў, өз-ара еркин саўда ушын қолайлы шараятларды тәмийинлеў мақсетинде бирге ислесиўди беккемлеўге умтылыўын билдирди.

Сыртқы сиясат уйымлары басшылары өз-ара саўда көлемин арттырыўға жәрдемлесиў, санаат, энергетика, мәлимлеме технологиялары, фармацевтика ҳәм аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўларына инвестициялар, инновация ҳәм технологиялар тартыўдағы бирге ислесиўдиң перспективалы имканиятлары менен бағдарларын додалады.

Тәреплер исбилермен топарлар ҳәм бизнес шөлкемлери арасындағы тиккелей байланысларды раўажландырыўға, компания ҳәм кәрханалар кооперациясының жаңа түрлерине өтиўге жәрдемлесиўге таяр екенин тастыйықлады. Киши ҳәм орта бизнес, стартаплар, венчур бизнеси дәрежесинде бирге ислесиўди илгери сүриў зәрүрлигин атап өтти. Тармақлық бизнес форумлар ҳәм басқа да өз-ара бизнес илажларын турақлы тийкарда өткериў зәрүрлигин атап өтти.

Сыртқы сиясат уйымлары басшылары регионанның инвестициялық орталығы ҳәм инвестициялық тартымлылығын, Орайлық Азия мәмлекетлериниң халықаралық мәкандағы исбилерменлик имканиятларын жақсылаў бойынша өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти. Министрлер Ҳиндистан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери аймақлары ҳәм қалалары арасында тиккелей өз-ара пайдалы экономикалық ҳәм мәдений байланысларды жолға қойыў ҳәм кеңейтиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратып, бул бағдарда жәрдемлесиўге таяр екенлигин билдирди.

Министрлер Орайлық Азия мәмлекетлериниң транзит ҳәм транспорт коммуникация потенциалын раўажландырыў, регионның транспорт-логистика системасын жетилистириў бағдарындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, регионаллық ҳәм халықаралық транспорт коридорларын жаратыў бойынша қоспа басламаларды алға қойыўдан мәпдар екенин атап өтти. Атап айтқанда, қатнасыўшылар Халықаралық транспорт ҳәм транзит коридорын жаратыў бойынша Ашхабад Келисимине Ҳиндистанның қосылғанын унамлы баҳалады.

Сыртқы сиясат уйымлары басшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Ҳиндистан арасындағы саўда қатнасықларын раўажландырыў зәрүрлигин атап өтип бирге ислесиўдиң көп тәреплеме механизмлерин көрип шығыў мақсетке муўапық екенин атап өтти.

Министрлер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Ҳиндистан өз-ара туристлердиң ағымын кеңейтиў ушын қолай шараятлар жаратыў, туризм инфраструктурасын раўажландырыўда умтылыўы қатаң екени атап өтти. Тәреплер Орайлық Азия мәмлекетлеринде регионаллық туризм бағдарлары ҳәм ҳәр түрли саяҳатларды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Тәреплер мәденият, илим, билимлендириў ҳәм спорт тараўларында, соның ишинде, БМШ Бас ассамбелясының A/RES/73/128 «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясын әмелге асырыў шеңберинде жасларға байланыслы қоспа жойбарлар турмысқа енгизилиўине айрықша итибар қаратты.

Министрлер қоспа жойбарларда жүзеге шығарыў арқалы мәденият, илим, билимлендириў, медицина, мәлимлеме тараўларында еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўден, сондай-ақ, «халық» дипломатиясы шеңберинде мәдений-гуманитарлық алмасыўларды қоллап-қуўатлаў, эксперт-таллаў ҳәм жәмийетлик топарлар, ҒХҚ арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирди. Тәреплер улыўма мәдений мийрас ҳәм тарийхый естеликлерди сақлаў ҳәм үйрениў мәселелеринде бирге ислесиўге айрықша әҳмийет қаратты.

Сыртқы сиясат уйымлары басшылары көп тәреплеме форумлар ҳәм шөлкемлер шеңберинде бирге ислесиўди даўам еттириў, соның ишинде, позицияларды келисиў, мәлимлеме алмасыў, талабанларды өз-ара қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин тастыйықлады.

Министрлер регионаллық бирге ислесиў, товарлар ҳәм энергия ресурслары транзитиниң әҳмийетли буўыны болған Аўғанстанның «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўиниң биринши ушырасыўындағы қатнасын мақуллап, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Ҳинидстанның Аўғанстанда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, бул елде тиккелей аўған халқы басшылығында ҳәм ҳәрекетлери менен тынышлық процесин орнатыўға көмеклесиўге, сондай-ақ, қоспа инфраструктуралық, транзит-транспорт, энергетика ҳәм басқа да жойбарларды әмелге асырыў, соның ишинде, регионаллық бирге ислесиў ҳәм инвестициялық жойбарлар арқалы Аўғанстанның экономикалық тиклениўин қоллап-қуўатлаўға таяр ҳәм бул бағдарда умтылыслары беккем екенин  атап өтти.

Сыртқы сиясат уйымлары басшылары аўғанстанлы ҳаял-қызларды мәмлекеттиң социаллық турмысына тартыў арқалы Аўғанстанда турақлы экономикалық өсимди тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти және Орайлық Азия мәмлекетлеринде бул мәселелерге байланыслы конференция ҳәм форумлар табыслы өткерилиўин мақуллады.

Министрлер 2017-жыл ноябрь айында Ашхабад қаласында болып өткен Аўғанстан бойынша жетинши регионаллық экономикалық бирге ислесиў конференциясы (RECCA VII) нәтийжелерин атап өтип, Аўғанстан бойынша сегизинши регионаллық экономикалық бирге ислесиў конференциясын (RECCA VIII) 2019-жылдың екинши ярымында Ташкент қаласында өткериўге таярлық шеңберинде бирге ислесиўге таяр екенлигин тастыйықлады.

Қатнасыўлар Аўғанстан менен биргеликте мәдений илажлар, билимлендириў ҳәм илимий изертлеў жойбарларын әмелге асырыўда қоспа басламалар ушын үлкен потенциал бар екенине итибар қаратып, Аўғанстан тәрепиниң халықаралық жаслар форумы, фестивалы, таңлаўлар, илимий конференциялар, көргизбе ҳәм басқа да қоспа илажларға қатнасыўға жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Тәреплер ушырасыўдың Самақанд қаласында табыслы өткенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти және оны шөлкемлестирген Өзбекстан Республикасына терең миннетдаршылық билдирди.

Қатнасыўшылар сыртқы ислер министрлери дәрежесиндеги «Ҳиндистан – Орайлық Азия» сөйлесиўин Аўғанстан қатнасында өткериўди турақлы даўам еттириўге және бул формата 2020-жылы Нью-Дели қаласында ушырасыўға келисип алды.

ӨзА