Пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» сарайында Ўатан қорғаўшылары күни және Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы концерт болып өтти.

Оған сенаторлар, депутатлар, ҳүкимет ағзалары, әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер менен генераллар, Қураллы Күшлеримиз ветеранлары, ата-аналар, елимизде аккердитациядан өткен дипломатиялық корпус және халықаралық шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери мирәт етилди.

Сол күни саўлатлы сарайға тутас аймақта әскерий техникалардың көргизбеси болып өтти. Ветеранлар, тараўда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған әскерлер, жаслар – үш әўлад ўәкиллериниң ушырасыў ҳәм сөйлесиўлери шөлкемлестирилди. Ўатансүйиўшилик руўхындағы нама-қосықлар жаңлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлеримиз Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әскерий тараўда алып барылып атырған реформалардың нәтийжесинде Ўатанды қорғаўды өмирдиң мазмунына айландырылған әскерлеримиз ел-журт алдындағы жуўапкершилигин және де терең түсинбекте. Себеби, елимиз тынышлығы ҳәм раўажланыўы, халықтың абаданлығы, аймақларымыздың қол қатылмаслығы олардың сабырлылығы, садықлылығы ҳәм машақатлы мийнетине тиккелей байланыслы. Бүгин миллий армиямыз ең заманагөй техника, үскене ҳәм қураллар менен тәмийинленген. Жоқары қәнигели кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны тараў ушын жоқары билимге ҳәм қәнигеликке ийе кадрларды таярлаўда әҳмийетли фактор болмақта.

– Мәмлекетимиз басшысының қутлы сәне мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўы ҳәмме қатарында мениң де қәлбимди мақтанышқа, толқынланыўға толтырды, – дейди Ташкент әскерий округының аға сержанты, «Жасорат» медалының ийеси Азамат Каримов. – Быйыл Өзбекстан разведкашылары жәмәәти қурамында Уллы Британияда болып өткен «Кембрия патрули» таңлаўында улыўмакомандалық есапта биринши орынды, Россияда өткерилген «ArMI – 2018» халықаралық армия ойынларында улыўма командалық есапта үшинши орынды ийеледик. Бизге билдирилип атырған жоқары исенимге ылайық болыўға, оны ақлаўға, ел-журтымның муқаддес топырағын пәк сақлаўға барқулла шын кеўилден ҳәрекет етемиз.

… Көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслар, әскерий тараўдағы көркем ҳәм ҳәўескер жәмәәтлердиң бағдарламасы ҳеш кимди итибарсыз қалдырмайды. Жүреклерди толқынландырыўшы нама-қосықлар жаңлайды. Бәри жанажан Өзбекстанымыздың тебериклиги, тыныш ҳәм парахат, бахтияр ҳәм садатлы күнлеримиздиң қәдир-қымбаты, аталардың мәртлиги, ержүрек аға-инилеримиздиң батырлығын сөз етеди. Концерт бағдарламасының жанлы атқарыўда шөлкемлестирилиўи қатнасыўшыларға және де байрамға сай руўх, көтериңкилик, заўық, шадлық бағышлады. Экранда көрсетилген турмыслық ҳәм тәсиршең көринислер тынышлықсүйер ҳәм дослық сыртқы сиясатымыз, инсан мәплери жолында алып барылып атырған реформалар, әскерликтиң машақатын сөз етти.

 

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы