Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер академиясында Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 27 жыллығы және 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң жуўапкерлери, офицерлер менен генераллар, сержантлар ҳәм курсантлар, Қураллы Күшлеримиз ветеранлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.

Өзбекстан Республикасы  қорғаныў министри, генерал-лейтенант Абдусалом Азизов шығып сөйлеп, кейинги жылларда мәмлекетимиз Қураллы Күшлериниң жаўынгерлик потенциалын арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, армияны заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлердиң физикалық, руўхый-интеллектуаллық таярлығын арттырыў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар жоқары нәтийжелер берип атырғанын айрықша атап өтти.

Президентимиздиң 2019-жыл 11-январьдағы «Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң 27 жыллығы мүнәсибети менен ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм әскерий хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен сыйлықланған әскерлерге II дәрежели «Шон-шараф», «Дўстлик» орденлери, «Жасорат», «Содиқ хизматлари учун» медаллары салтанатлы түрде тапсырылды.

photo5323580576227240495.jpg

– Мәмлекетимиз тәрепинен Ўатанымыз тынышлығы жолында көрсетип атырған хызметлерим жоқары баҳаланып, жоқары сыйлыққа, яғный II дәрежели «Шон-шараф» орденине ылайық көрилгенимнен жүдә миннетдарман, – дейди Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий бөлим командири Журъат Ёқубов. – Байрам алдында қорғаныў министриниң буйрығына тийкарланып маған полковник әскерий атағы да берилди. Бул итибар алдағы жумысыма үлкен жуўапкершилик жүклейди. Буннан кейин де бар күш-ғайратым менен әскерий тараўда белсене хызмет етиўге ҳәрекет етемен.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз тәрепинен елимиздиң қорғаныў қүдиретин де ҳәр тәреплеме арттырыў, жетик ҳәм қәнигели әскерий кадрларды таярлаў, Ўатан қорғаўшылары, олардың шаңарақлары ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыўға  айрықша итибар қаратылды. Быйыл да әскерий хызметкерлер ушын жеңилликли кредитлер тийкарында 116 көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырылады. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмалары менен әскерий хызметкерлердиң 700 ден аслам перзенти жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиледи. Сондай-ақ, әскерий қалашаларды абат етиў, олардың аймағында заманагөй инфраструктуралар жаратыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар избе-из даўам еттириледи.

Қураллы Күшлеримизди модернизациялаў, атап айтқанда, әскерий билимлендириў тараўына заманагөй билим, алдыңғы әскерий тәжирийбелер. мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бойынша баслаған жумыслар системалы түрде даўам еттириледи. Атап айтқанда, жеке қурам арасында миллий өзликти аңлаў  ҳәм жаўынгерлик руўхты, ўатансүйиўшилик тәрбиясын күшейтиў, әскерий хызметкерлердиң интеллектуаллық потенциалын арттырыўға да айрықша итибар қаратылады. Усы мақсетте жас әскер ҳәм курсантлар ушын әскерий ант қабыл етиўден бурын «Өзбекстан тарийхы» пәни ҳәм «Темур түзиклери» китабы бойынша сынақ өткериў тәртибин жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Системада узақ жыллар нәтийжели хызмет көрсеткен ветеранларға естелик белгилери тапсырылды. Сондай-ақ, бир қатар офицерлерге полковник әскерий атағы берилди.

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршысы