Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди, деп хабар берди Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

 

Пәрман тийкарында төмендегилер шөлкемлестирилди:

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги;

Монополияға қарсы гүресиў комитети;

Капитал базарды раўажландырыў агентлиги;

Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформация ҳәм меншиклестириў қоры.

 

Исбилерменлик хызмети тийкарларын оқытыў республикалық орайы Саўда-санаат палатасына берилди.

Сапластырылып атырған Мәмлекетлик бәсекилик комитетиниң төмендеги функциялары:

– бос турған объектлердиң өндирислик хызметиниң нәтийжелилигин арттырыў функциясы – Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитетине;

– бос объектлердиң өндирислик хызметин тиклеўге бағдарланған инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў бойынша мәкемелер аралық комиссиялардың жумысшы органы сыпатындағы функциясы – Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине өткерилди.

Пәрманға муўапық, мәмлекетлик үлеслерди басқышпа-басқыш қысқартыў, нәтийжели ҳәм әдил түрдеги меншиклестириўди тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары етип белгиленди.

Мәмлекетлик активлерди нәтийжели басқарыў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў – Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң;

Товар ҳәм финанс базарларында бәсекилик орталықты тәмийинлеў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў – Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң;

Қымбат баҳалы қағазлар базарын қәлиплестириў, раўажландырыў, тәртипке салыў ҳәм корпоративлик басқарыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў – Капитал базарды раўажландырыў агентлигиниң тийкарғы ўазыйпалары болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.