15-январь күни салқын ҳәм ығал ҳаўа массалары Өзбекстанның барлық аймақларын қамтып алады, айрым жерлерде, соның ишинде, Қарақалпақстанда жаўын-шашын болыўы күтиледи. Бул ҳаққында Өзгидромет хабарына тийкарланып Kun.uz хабар берди.

16-17-январь күнлери жаўын-шашын күтилмейди.

18-19-январьда республика аймақларына Түркменстаннан жыллы ҳаўа массалары кирип келеди, 18-январьда жыллы температура фонында жаўын жаўады, 19-январь күни болса Волга бойы аймақларынан суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен айрым жерлерде жаўын қарға айланыўы мүмкин.

Сол күнлери температура түнги ўақытлары 3-5 градус жыллыдан 0-2 градус суўыққа шекем, күндизги ўақытлары 6-8 градус жыллыдан 15-17 градус жыллыға шекем өзгерип турады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги