Жақында Нөкис қаласындағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Миллий армиямыз-әскерий хызметкерлердиң мәртлик ҳәм ерлик пазыйлетлерин тәрбиялаў, Ўатанға садықлық пенен хызмет етиў мектеби» атамасында ушырасыў болып өтти.

Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети, жасларды Ўатанды сүйиўшиликке тәрбиялаў, олардың арасында әскерий хызметти үгит-нәсиятлаў, елимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәниси менен жақыннан таныстырыў болып табылады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги талапларын орынлаў бойынша республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, барлық қала ҳәм районларда «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» сүрени астында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, спорт жарыслары, жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде «Мәртлик ҳәм ерлик» темасында сабақлар өткерилди.

Шығып сөйлеўшилер, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллғы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўының әҳмийетине тоқтап өтти. Жасларымыздың келешекте  елимиздиң тынышлығын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлейтуғын мәрт азаматлар болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Ушырасыўда оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алды.

С.ҚАЛЕНДЕРОВ,

Нөкис әскерий прокурорының аға жәрдемшиси.