USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Ўатан қорғаўшыларына байрам қутлықлаўы

 

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли әскерлер ҳәм сержантлар!

Офицерлер ҳәм Қураллы Күшлеримиздиң ветеранлары!

 

Ең дәслеп, сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан елимиз турмысындағы қутлы сәне – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәмде Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмысы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеўге рухсат еткейсизлер!

Кеўиллерге илҳам-йош бағышлап, бәршени дөретиўшилик ислерге руўхландыратуғын бийбаҳа өлшемлерден бири – бул мәмлекет қәўипсизлиги, елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абаданлығы болып табылады.

Солай екен, ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған ана-Ўатанымызды қәстерлеп-сақлаў, елимиз тынышлығын тәмийинлеў – ҳәр-биримиз ушын муқаддес парыз болып табылады.

Сонлықтан да бүгинги сәне Ўатанды сүйиўшилик, халқымызға садықлық, мәртлик ҳәм ерлик сыяқлы жақсы жоқары қәдриятларды өзинде жәмлейтуғын шын мәнидеги улыўмахалықлық байрам сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Өзлериңизге жақсы мәлим, бүгинги байрам алдынан Ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас Сәркардасы Ш.М.Мирзиёев сизлерге жоллаған байрам қутлықлаўында “Армия ҳәм халық – бир тән ҳәм бир жан!” деген терең мазмунлы идеяға айрықша тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде барлық ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәҳәлле, жаслар, ҳаял-қызлар, нуранийлар шөлкемлери, тәлим-тәрбия мәкемелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери усы мақсет әтирапына жәмлеспекте.

Сондай-ақ, Ҳүрметли Президентимиз өзиниң қутлықлаўда мәмлекетимиздиң әскерий ҳәм сиясий мәселелер бойынша анық позициясын өзинде жәмлеген Қорғаныў доктринасының ислеп шығылғаны, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, оны модернизациялаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, әскерий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың профессионаллық билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў, әскерий билимлендириў тараўына алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, әскер ҳәм офицерлеримиз ҳаққында шығармалар дөретиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелерге итибарымызды қаратты.

Қутлықлаўда билдирилген бул баҳалы пикирлер ҳәр биримиз ушын бағдарлама сыпатында хызмет етиўи менен бирге, алдымызға анық ўазыйпаларды белгилеп береди.

Себеби, елимиз қәўипсизлигин тәмийинлеў, тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў – бул биз ушын ана-Ўатан ҳәм дөретиўши халқымыз алдындағы перзентлик парызымыз саналады.

Ҳүрметли Ўатан қорғаўшылары!

Соңғы қысқа ўақыт ишинде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Қураллы Күшлеримизде жүргизилип атырған реформалар, Миллий гвардия ҳәм Қорғаныў санаатының қолға алынғаны, әскерий округлердеги структуралық өзгерислер, басқарыў системасының жаңаланғаны, Қураллы Күшлеримиздиң заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлениўи – булардың барлығы елимиздиң Қорғаныў қүдиретин арттырыўдағы әҳмийетли қәдемлерден саналады.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиз өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери менен ушырасып, бул жерде жаратылған шараятлар бойынша өзиниң баҳалы пикирлерин билдиргени, жынаятшылықтың алдын алыў, жəмийетлик тəртипти сақлаў мəселелерине айрықша итибар қаратқаны, пайтахтымызда “Қəўипсиз қала” бағдарламасын əмелге асырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп бергени – бизге ҳәр қашанғыдан-да айрықша жуўапкершиликлер жүклейди. Сондай-ақ, өткен жылдың 4-декабрь күни Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен “Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы арнаўлы бийликтиң қабыл етилгени алдымызға анық ўазыйпаларды белгилеп бермекте.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 12-декабрьдеги арнаўлы Пәрманы тийкарында әскерий-ҳәкимшилик секторлары дүзилип, бүгинги күнде “Жол карта”ларында белгиленген ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Мине, өткен жылдың өзинде Арқа-Батыс әскерий округинде 36 миллиард сўмнан аслам қаржы есабынан қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары жүргизилип, керекли инвентарьлар менен тәмийинленген болса, әскерий ҳәкимшилик секторының жумысларын раўажландырыў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 31 миллиард сўмға жақын қаржылар ажыратылды.

Буның әмелий көриниси сыпатында Арқа-Батыс әскерий округинде жайласқан 20 көп қабатлы турақ-жайлардың капитал оңлаўдан шығарылғаны, 11 объектте капитал оңлаў жумысларының алып барылғаны, әскерлердиң қатар дүзиў майданы ҳәм ишки жолларды бетонлаў жумысларының орынланғаны, әскерлеримиз ушын заманагөй электрон китапхананың иске түскени, спорт майданшаларын қурыў ҳәм таза ишимлик суўын жеткерип бериў жумысларының алып барылғаны, әскерий бөлимлердиң материаллық-техникалық базасының беккемленгени сыяқлы көплеген мысалларды келтириў мүмкин.

Өткен жылы қолға алынған ийгиликли ислерден және бири – бул әскерий хызметкерлер ушын 34 миллиард сўмнан аслам қаржы есабынан қала ҳәм районларымызда 5 этажлы, жәми 240 квартиралы 8 турақ-жайда қурылыс жумысларының алып барылғаны болып табылады.

Ең әҳмийетлиси, бундай ийгиликли ислерди быйылғы жылы да даўам етип, Нөкис қаласында жасларымызды Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли орын ийелейтуғын әскерий бағ жаратыў, Арқа-Батыс әскерий округиниң дала оқыў майданының инфраструктурасын раўажландырыў, бул жерде 400 орынға мөлшерленген жатақхана, асхана ҳәм басқа да объектлерди қурыў, усы аймақта заманагөй гүзетиў минараларын тиклеў, барлық әскерий бөлимлерде мәлимлеме-ресурс орайларын иске түсириў сыяқлы бир қатар жумысларды әмелге асырыў белгиленбекте.

Сондай-ақ, әскерлеримиз, Миллий гвардия ҳәм Ишки ислер хызметкерлери ушын 2019-2020-жылларда 38 миллиард сўмға жақын қаржы есабынан 240 квартиралы 8 турақ-жайды қурыў реже қылынбақта.

Ўатан қорғаўшыларына қаратып атырған бундай жоқары итибары ушын әскерий хызметкерлеримиз, олардың ата-аналары ҳәмде гүллән халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас Сәркардасы Ш.М.Мирзиёевқа мың-мыңлап рахметлер айтамыз!

Әзиз дослар!

Сизлерди және бир мәрте бүгинги “Ўатан қорғаўшылары күни” ҳәмде Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиз тынышлығын қорғаўдай оғада жуўапкерли ҳәм ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

М.Т.Ерниязов,

 Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы,

әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы