Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «20172021-жылларда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 27-апрельдеги қарарлары менен Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилген еди.

Бүгинги күнге келип, кәрхананың материаллық-техникалық базасы беккемленип, аймақтың тазалығын сақлаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

– Атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК ҳәм оның район(қала)лық филиаллары тәрепинен 2018-жыл даўамында 74486,1 тонна турмыслық қатты шығындылар ҳәм 23675,7 тонна суйық шығындылар алып шығылды,-дейди кәрхана баслығы О.Генжебаев. – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 9-августтағы республикада санитариялық жағдайды жақсылаў, турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм қайта ислеў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша өткерген мәжилис баянламасы менен тастыйықланған «Жол картасы», онда берилген көрсетпелерге тийкарланып 2019-жыл 7-январьда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қабыл еткен қарарда көрсетилген тапсырмалар, бул бағдардағы жумыслардың жақсыланыўына үлкен түртки болды, деп есаплайман.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 27-сентябрьдеги қарары менен, көрсетилген хызметлер ушын белгиленген тариф тийкарында физикалық шахслар ушын бир айға 1800 сум, юридикалық шахслар ушын 1 м3 шығынды алып шығыў ушын (ҚҚС менен) 36 мың сум алынып хызметлер көрсетип келинген еди. Ҳәзирги ўақытта физикалық шахслар ушын 2100 cум, юридикалық абонентлерге болса, 1 м3 шығынды ушын 48 мың сум (ҚҚС менен) муғдарында таза тариф ҳүжжетлери ислеп шығылды.

Белгиленген тариф тийкарында абонентлер менен шәртнамалар дүзилип, хызметлер көрсетилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУКда ҳәзирги ўақытта 280 хызметкер жумыс ислейди. Олардың жумыс ислеўи ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Жумыс ислеўшилердиң мийнет ҳақысын муўапықластырыў ҳәм кәрхананы экономикалық жақтан раўажландырыў мақсетинде физикалық ҳәм юридикалық абонентлерге көрсетилетуғын хызметлердиң көлемин арттырыў ҳәм көрсетилген хызметлер ушын төлемлерди қабыл етиў режелери ислеп шығылды.

Буннан басқа қурылыс жумыслары басқышпа-басқыш алып барылмақта. 2018-жылда шығынды таслаў полигонларының екинши басқышы ушын ажыратылыўы тийис болған жәми 3 миллиард 169 миллион сумлық қаржы толық өзлестирилип, ҳәзирги күнде қурылыс жумыслары жуўмақланбақта.

Сондай-ақ, жәми баҳасы 6 миллиард 238,7 миллион сумлық қаржы «СамАвто» ЖШЖден 13 дана шығынды тасыў ушын арналған техникаларды, 7 миллиард 927,9 миллион сумлық қаржы Ташкент қаласындағы «Крантас» АЖдан 17 дана илгекли (Мультилифтли) арнаўлы техникаларды ҳәм 45 дана контейнер сатып алыў ушын жумсалып, ҳәзирги күнде шәртнама бойынша қаржылары толық өткерип берилди.

«СамАвто» ЖШЖден 13 дана арнаўлы техникалар алып келинип, районлық филиалларға тарқатылды. «Крантас» АЖдан 17 дана техника ҳәм 45 дана контейнер алып келинди. Алып келинген техникаларға жаңа аймақлар бекитилип, график бойынша абонетлерге хызмет көрсетип келмекте.

Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен таза аймақларды қамтып алыў, қарар тийкарында районларда улыўмалық шәртнамалар дүзиў жумыслары баслап жиберилди. Ҳәзирги күнде барлық районларда ҳәким қарарлары шығарылған. Мәкан ҳәм аўыллық пуқаралар жыйынлары менен шәртнамалар дүзилмекте, өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте абонентлер дизимин ислеп шығыў жумыслары тамамланғаннан соң абонентлерди системаға киргизиў жумыслары әмелге асырылады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.