Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы реформалар, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳәм ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 11-январь күни Самарқанд ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл 17-18 –март күнлери ўәлаятқа сапары ўақтында көплеген перспективалы жойбарлар менен танысқан, район  ҳәм қалаларда қурылыс-дөретиўшилик жумысларының көлемин кеңейтиў, санаат, туризм, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын жедел раўажландырыў, халық ушын ылайықлы турмыс шараятын жаратыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Өткен дәўир ишинде бул тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм сервис бағдарларында улыўма нырқы 1 мың 142 жойбар иске түсирилип, 10 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.

2018-жылы Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде санаат бағдарында жәми 88 жойбар әмелге асырылып, 1 триллион 322 миллиард сумнан инвестициялар өзлестирилди. Тиккелей инвестициялардың көлеми 58 миллион 267 мың долларды қурады.

Президентимиз Самарқанд ўәлаятына сапарын Имам Бухарий мақбарасын зыярат етиўден баслады. Қуран оқылды.

2016-жылы Ислам бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 43-сессиясының ашылыў мәресиминде  мәмлекетимиз басшысы Имам Бухарий естелик комплексиниң жанында илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў усынысын алға қойған еди. Кейин ала мәмлекетимиз басшысы бул орайдың жойбары ҳәм қурылысы менен бир неше мәрте танысты, әҳмийетли усыныслар берди. Бүгинги күнде қурылыс ҳәм пардозлаў жумыслары жуўмақланды.

Шавкат Мирзиёев бул орайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Орай Имам Бухарий ҳәм басқа да да ойшыл бабаларымыздың бийбаҳа илимий-руўхый мийрасын үйрениў, олар жаратқан дөретпелердиң илимий-түсиндирмели аўдармасын ҳәм салыстырмалы текстлерди басып шығарыў, елимиз ҳәм сырт мәмлекетлердеги китапханалар, архив фондларында сақланып атырған қолжазбалардың электрон нусқаларын топлаў, оларды халқымызға ҳәм дүнья жәмийетшилигине жеткериў менен шуғылланады. Бул жерде бабаларымыздың бай мийрасын өз алдына үйрениў, жетик қәнигелер таярлаў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Орайдың бириши қабатында музей шөлкемлестирилген, Онда Имам Бухарийдиң өмири, илимий сапарлары сәўлеленген. Музейдиң орайына «Саҳиҳи Бухарий» китабының ески қолжазба нусқасы қойылған.

Музей менен танысар екен, Президентимиз бул жер зыяратшыларға Имам Бухарий ҳаққында кең түсиник беретуғынын, билимин байытатуғынын атап өтти.

Дүнья картасында және бир илимий орай пайда болды. Бул орай елимизге илим, берекет алып келеди. Жасларымызға билим, күш береди. Бул жерде оқығанлар, зыяратқа келгенлер үлкен руўхый азық, тәлим алады, деди Шавкат Мирзиёев.

Орай тәрепинен өткен ўақыт ишинде уллы ойшылларымыздың мийрасын үйрениў, кеңнен үгит-нәсиятлаў, абырайлы халықаралық орайлар менен бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша системалы илажлар әмелге асырылды. Европа ҳәм шығыс мәмлекетлери, дүньядағы жетекши ислам изертлеў орайлары, университетлер менен байланыслар орнатылды. Соның ишинде, Уллы Британияның Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, Кембридж  университети, «Ал-Фурқон» фонды, Британия музейи, Францияның араб дүньясы институты, Франция миллий китапханасы ҳәм басқа да илим орайлары менен бирге ислесиў жолға қойылды.

Орайдың илимий хызметкерлери тәрепинен «Имам Бухарий таърифи», «Алауддин Усмандий Самарқандий өмири ҳәм илимий мийрасы», «Лубобул ҳадис» шығармасы сыяқлы 17 китап баспаға таярланды. Сырт еллердиң китапхана фондларында сақланып атырған 535 қолжазба ҳәм тасбаспа шығармалардың электрон нусқалары алынды. Орайда сақланып атырған 1 мың 168 шығарманың каталогы таярланды.

Мәмлекетимиз басшысы қолжазба китапларды қәстерлеп сақлаў, аўдарма ислеп халыққа жеткериў бойынша көрсетпелер берди.

Имам Бухарий илимий-изертлеў орайы менен бирге жоқары диний билимлендириў мәкемеси – Ҳәдис илими мектеби де қурылған. Шавкат Мирзиёев бул мектеп пенен де танысты.

Ҳәдис илими мектебинде оқыў мүддетти бес жыл. Мектепке араб тилин терең өзлестирген, ҳәдислерди ядтан билиўге қәбилети болған орта арнаўлы диний билимендириў мәкемелериниң 10 қәбилетли питкериўшиси сайлап алынған. Мектепте ҳәдистаныў пәнлери менен бир қатарда Қураны кәрим, фиқҳ, ақида, таўсир, ислам тарийхы сыяқлы пәнлер және шет тиллерден терең билим бериледи.

Уллы бабаларымыз тийкар салған ҳәдис илими мектебиниң жумысын шөлкемлестириў елимиздиң руўхый раўажланыўының бүгинги басқышында үлкен әҳмийетке ийе. Шөлкемлестирилген мәкемениң алдына ҳәдис илиминиң илимий-теориялық тийкарларын терең үйрениў, шет тилллерди пуқта үйретиў, сабақларды «Устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында шөлкемлестириў, дүнья мәмлекетинде диний қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў, ҳәдис илими уламалары дөретпелериниң илимий-түсиндирмели аўдармасын ҳәм салыстырмалы текстлерин таярлаў, өзбек ҳәм шет тиллеринде басып шығарыў, илимий-семинарлар, конференциялар шөлкемлестириў, ең әҳмийетлиси, «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» сүрени астында маўасасызлық, экстремизм ҳәм терроризмниң ҳәр қандай көринислерине илим-ағартыўшылық, жоқары әдеп-икрамлылық пенен қарсы турыўдай үлкен ўазыйпалар қойылған.

Келешекте Ҳәдис илими мектеби питкериўшилери диний пәнлер, атап айтқанда, ҳәдис илими тараўында тәлим берип, диний шөлкемлерде имам-хатиб, илимий хызметкер ўазыйпаларында ислеўи, сондай-ақ, илимий-изертлеў орайларында илимий хызметкер сыпатында жумыс алып барыўы нәзерде тутылған. Питкериўшилердиң билимин өз қәнигелиги бойынша, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы магистратурасында, таяныш докторонтура ҳәм доктаронтура басқышларында даўам еттириўи мүмкин.

Президентимиз меткепте оқытыў усылларын жетилистириў, халықаралық илимий орайлар менен бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласы Қарасуў массивинде қурылып атырған заманагөй турақ жайларды барып көрди.

Президентимиз аймақларға сапары ўақтында ең әҳмийетли социаллық-экономикалық жойбарлар қатарында халық ушын қолайлы турмыс шараятын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратады. Самарқанд ўәлаятында да соңғы жылларда бул бағдарда салмақлы жумыслар исленбекте.

Соның ишинде, Самарқанд қаласы халқының турақ жайға зәрүрлиги жоқарылығын инабатқа алып, 2018-жылғы бағдарламаға қосымша түрде көп қабатлы арзан жайлар қурыў киргизилген еди. Соған муўапық, Самарқанд районы Қарасуў массивинен Самарқанд қаласы ушын 50 гектарға шамалас жер ажыратылып, кең көлемли дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

2018-жылдың өзинде «Ўзшаҳарқурилишинвест» инжиниринг компаниясы буйыртпасы тийкарында жәми 1 мың 344 шаңарақтан ибарат 7 қабатлы 32 көп қабатлы арзан жай қурылды. Буннан тысқары, «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясы тәрепинен Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм жас шаңарақларға мөлшерленген 5 қабатлы 12 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.Соның менен бирге, аймақта жеке меншик бақша,  ишки ислер бөлими имараты, саўда ҳәм турмыслық хызмет комплекси, «Регистан» супермаркети қурып питкерилди. 540 орынлық мектептиң қурылысы жуўмақланбақта.

Усы тәризде бул жерде қысқа пурсатта заманагөй массив бой тикледи. Жаңа жайларда адамлардың турмыстан разы болып жасаўы ушын барлық қолайлықлар итибарға алынған. Ҳәр бир шаңарақ индивидуал жылытыў қазанлары менен тәмийинленген. Жайлардың алдында балалар ойын майданшалары қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы Жасур Турсунқулов ҳәм Жамшид Каттақуловлардың шаңарақлары көшип барған жаңа квартираларды кирип көрди, үй ийелери менен сәўбетлести.

Усы жерде Қарасуў массивинде 2019-жылы пайдаланыўға тапсырылатуғын жайлардың, соның ишинде, «Агромир билдингс» компаниясы тәрепинен Түркияның заманагөй технологиясы тийкарында монолит усылында қурылып атырған 16 қабатлы  турақ жайлардың, коммуналлық тараў инфраструктурасы объектлериниң жойбар көринисиндеги презентациясы өткерилди.

Жаңа массивте «Ўзшаҳарқурилишинвест» инжиниринг компаниясы тәрепинен 12, «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясы тәрепинен 7 жайдың қурылысы жедел алып барылмақта.

Президентимиз турақ жайлар қурылысының адамлар турмысындағы, аймақтың инфраструктурасындағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Самарқанд туризм орайы болыўы керек. Соның ушын бул жерде көп қабатлы жайлардың қурылысын көбейтемиз. Қалада ең заманагөй талапларға жуўап беретуғын жайлар қурылып, халықты тәмийинлеймиз. Жайларды қурыўдан алдын оның ийеси, қайсы қабатта, неше бөлмели жайда жасаўына шекем анық болыўы зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.

Самарқанд сейсмикалық жақтан да қолайлы аймақта жайласқаны себепли келешекте ўәлаяттың Каттақорған, Ургут, Пахтачи, Нарпай, Қушработ районлары орайларында да көп қабатлы жайлардың қурылыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде азық-аўқат қәўиписзлигин тәмийинлеў, соның ишинде, кең түрдеги май өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, тармақлық кәрханаларда заманагөй технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Тайлақ районындағы аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, өсимлик майын ислеп шығарыўға ҳәм қадақлаўға қәнигелестирилген «Pet Agro Oil» қоспа кәрханасы 2017-жылы Арқа Ирландияның «Nortec Estate LLP» компаниясы және Өзбекстанның «Tony Green» фирмасы тәрепинен шөлкемлестирилген.

Ҳәзирги ўақытта кәрхананың жумысын кеңейтиў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Италия, Австрия, Түркия, Швейцария, Ҳиндстан, Болгария ҳәм Қытайдан 7 миллион долларға заманагөй  технологиялар алып келинип орнатылды.

Кәрхана толық қуўатлылық пенен ислегеннен соң, 800 адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Күнине 350 тонна өсимлик майы, 3 мың тонна томат пастасы, 2 мың 500 тонна алма концентраты ислеп шығарылады.

Усы жерде Самарқанд ўәлаятына бириктирилген Өзбекстан Республикасының Түркия, Қытай ҳәм Испания мәмлекетлериндеги елшиханалары және Афина қаласындағы Бас консуллығы жәрдеминде әмелге асырылатуғын жойбарлар,  ўәлаятта интенсив бағлар, пахта тоқымашылық кластерлерин шөлкемлестириў, суўды үнемлейтуғын технологиялар, қусшылықты раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў жумыслары менен таныстырыў болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысына Қытайдың «Henan Wanbang Selected Supply Chain Management Co.LTD»компаниясы тәрепинен шарўашылық кластерин қурыў жойбары, Булунғур, Жомбай ҳәм Пайариқ районларында шарўашылық кластерине сайлап алынған жер майданлары, халықтың қыйтақ жеринен пайдаланыў ҳәм «Қыйтақ жер» ЖШЖ жумысын кеңейтиў ўазыйпалары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Самарқанд районындағы «Afrosiyob Parranda» ЖШЖ Самарқанд, Ташкент, Әндижан ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында аралас жем және премикс ислеп шығарыўды жолға қойыўды режелестирген. Сурхандәрьяда 2019-жылдың төртинши шерегинде 6,6 миллион евро есабынан 50 мың тонна аралас жем таярлайтуғын кәрхана қурылады.

Президентимиз Түркиядағы елшихана тәрепинен аўыл хожалығы ушын дәри қураллары ҳәм төгинлер, тамшылатып суўғарыў үскенелери, трактор, полипропиленнен  ийирилген жип, сендвич панель ислеп шығарыў, Самарқанд қаласында 130 орынлық мийманхана қурыў жойбарлары менен танысты.

Испания патшалығындағы елшихана ўәлаятта заманагөй қурылыс материаллары, ыссыхана қурыў ушын қурылыс материаллары, ыссыхана қурыў ушын әспаб-үскенелер ислеп шығарыў, пахта ушын тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў және аўыл хожалығы егинлериниң туқымын таярлаў заводының қурылыс жойбарларын әмелге асырады.

Шавкат Мирзиёев бул жойбарлардың тийкары, нәтийжелилиги менен қызықты. Олар бойынша тийисли көрсетпелер берип, сырт ел тәжирийбесин үйрениў, керек  болса, шет елден консультантлар тартыў зәрүрлигин атап өтти.

Самарқанд ўәлаятында  37 мың гектардан аслам суўғарылмайтуғын жерлерден пайдаланылмай атырғаны, оларды иске қосып. халықты жумыс ҳәм арзан өнимлер менен тәмийинлеў мүмкин екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд қаласының Университет қыябанында қурылып атырған Конфуций майданында әмелге асырылған қурылыс жумыслары менен танысты.

Конфуций бизиң эрамызға шекемги 551-жылы туўылған. Қытай мәденияты тийкарларының жаратылыў дәўирин баслап берген. Конфуций тәлийматының тийкарын салыўшы, сиясий ғайраткер сыпатында танылған.

2014-жылы Шанхай шет тиллер университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институты арасында қол қойылған өз-ара бирге ислесиў шәртнамасына муўапық шет тиллер институты жанында Конфуций институты шөлкемлестирилген еди.  

Президентимиздиң буннан алдыңғы сапары ўақтында берилген тапсырмаларына муўапық Самарқанд мәмлекетлик университети жанында уллы ойшыл Конфуцийдиң естелиги орнатылды. Естелик әтирапындағы майданда ески Қытай дәстүрлерине сай әйўанлар қурылды.

Самарқанд мәмлекетлик университетине қараслы тоғыз қабатлы оқыў ҳәм админстративлик имаратта қурылыс жумыслары әмелге асырылып, оның ҳәр бир қабаты раўажланған сырт еллердиң абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң стандартларына сәйкеслендирилди.

Бул жерде халықаралық билимлендириў бағдарламалары орайы шөлкемлестирилмекте. Онда Қытай, Қубла Корея, Япония, Ҳиндстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери университетлериндеги ең жақсы тәжирийбелер үйрениледи. Мәмлекетимиз тармақлары ушын зәрүр болған қәнигели кадрлар таярланады. Студентлер еки жыл усы орайда билим алса, кейин сырт елде оқыўын даўам еттиреди.

Президентимиз орайдың жойбары менен танысып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

Бул жерде Самарқандта туризмди раўажландырыў, конгресс-хол ҳәм мийманханалар қурыўға байланыслы ҳәм басқа да жойбарлар көрсетилди.

Он төрт гектардан аслам майданда қурылатуғын конгресс-холда ири халықаралық әнжуманлар өткериў ушын барлық шараят жаратылады. Оның әтирапында бес жулдызлы еки заманагөй мийманхана, бизнес орайлар ҳәм басқа да объектлер қурылады.

Бүгинги күнде Самарқанд ўәлаятында 540 тан аслам туристлик объект, 119 мийманхана, 23 шаңарақлық мийман үйлери, 127 туроператор жумыс алып бармақта. Өткен жылы ўәлаятқа 2 миллион 400 мыңнан зыят жергиликли ҳәм сырт ел туристлери келген.

Ҳәзирги ўақытта ўәлаят туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Индонезияның «Sahid group» компаниясы менен биргеликте еки заманагөй мийманхана қурылмақта. Ургут, Самарқанд, Нурабад сыяқлы бир қатар районларда жаңа туристлик маршрутлар шөлкемлестириў жумыслары басланған.

Мәмлекетимиз басшысына туризмди раўажландырыў бойынша «Smart Chain» компаниясы тәрепинен «Nazzar» – инновациялық қосымшасы ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул инновациялық қосымша қәлеген материалды толықтырылған реал элементлер менен байытыўы мүмкин.  Смартфон «Nazzar» белгисине қаратылса, мобиль қурылманың экранында реал объекттиң сүўрети шығып, ол түрли эффектлер менен толықтырылады.

«Smart Chain» компаниясының қәнигелери усыныс етип атырған инновациялық қосымшалар арқалы мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, және тарийхый естеликлер ҳәм музейлерди жаслар арасында еле де ғалаба ен жайдырыў мүмкин. Бул карточкаларға смартфонды жақынлатыў арқалы тарийхый объектлердиң «тулғасын шығарыў», корсетиўдиң фонында аудиотекстти тыңлаў ямаса оны 3D реаллығында тамаша етиў мүмкин. Президентимиз мәмлекетимиздиң туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў ушын бәринен бурын қәнигели кадрлар таярлаў зәрүрлигин атап өтти. Жуўапкерлерге туризм раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў, Самарқандтағы «Жипек жолы» халықаралық туризм университетиниң жумысын еле де күшейтиў бойынша тапсырмалар берди.

Усы күни Самарқанд қаласында халық депутатлары ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимиздиң раўажланыў жолында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған Самарқанд халқына терең ҳүрметин билдирип, социаллық-экономикалық тараўларды раўажландырыў, халқымыздың турмысын жақсылаў бойынша ўәлаятта да көп жумыслар исленип атырғанын атап өтти.

Соның ишинде, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 29 аўыл, 4 мәҳәлледе дерлик 200 миллиард сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған. Өткен жылы 1 мың 500 квартиралы 36 көп қабатлы жай 2 мың 349 арзан турақ жай қурылып, ийелерине тапсырылған. 60 қа шамалас мәмлекетлик балалар бақшасы қурылып, 356 жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилген. Денсаўлықты сақлаў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, коммуналлық тармақларды реконструкциялаў бойынша да анық мәнзилли жумыслар орынланған.

Мәмлекетимиз басшысы Германияның жетекши университетлери менен бирге ислесип, Самарқандта «цифрлы экономика» ушын кадрлар таярлаўды жолға қойыў бойынша көрсетпе берди.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды. Президент Шавкат Мирзиёевтиң усынысы бойынша Самарқанд ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын ўақытша атқарып киятырған Эркинжон Турдимов Самарқанд ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Шығып сөйлегенлер Президентимиз тәрепинен Самарқанд ўәлаятын жедел раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў жолында бар күш ҳәм имканиятларын жумсайтуғынын атап өтти.

Ўәлаят экономикасын раўажландырыў, инвестициялар процесин жеделлестирип, жаңа кәрханалар қурыў ҳәм жумыс орынларын көбейтиў ең әҳмийетли бағдар есапланады. Өткен жылы ўәлаятта 448 объект иске түсирилген. Бирақ Самарқандтай үлкен потенциалға ийе аймақ ушын бул жеткиликли емес, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мақсетте 2019-2020-жылларда әмелге асырылатуғын 968 инвестициялық жойбар қәлиплестирилгени, сырт еллер менен биргеликте ири санаат кәрханалары шөлкемлестирилетуғыны мәлим етилди.

Самарқандтың туризм потенцалынан пайдаланыў, аўыл хожалығын диверсификациялаў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Соның менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Умар АСРОРОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары