14-январь. Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги ҳәр қашанғыданда адамлар менен толы.  Бул жерде Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни  мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлерин қойыў салтанаты болып өтти.

Быйылғы жылы бул сәне көтериңкилик жағдайында белгиленбекте.  «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» деген жоқары идеяны өзинде жәмлеген түрли илажларда елимиз шегераларының қол-қатылмаслығы, халқымыздың тынышлығы жолында оғада жуўапкершиликли ҳәм уллы ўазыйпаны ҳүрмет пенен атқарып киятырған Ўатан қорғаўшыларының мәртлиги және бир мәрте улығланды. Усындай илажлардың нәтийжесинде келешекте Ўатан қорғаўшысы боламан,-деген жасларымыздың қатары жылдан-жылға артып бармақта.

Соны айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевтиң  Өзбекстан  Қураллы Күшлер дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни  мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўы халқымыз тәрепинен үлкен қанаатланыўшылық пенен күтип алынды.

Саат 10:00. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Ерниязов әскерий оркестр сазлары астында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесини менен Министрлер Кеңеси атынан «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл қойды.

Сондай-ақ, Арқа-Батыс әскерий округи , Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары, министрликлер, оқыў орынлары, мийнет жәмәәтлери атынан гүл шеңберлери қойылды.

Буннан кейин, Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине қараслы шегара әскерлериниң, оқыў орынлары жасларының сап тартып жүриў салтанаты болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған байрам илажлары республикамызда даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.