Ўатан қорғаўшылары куни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының  6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

 

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин және де беккемлеў, жасларды миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы жемисли мийнетлери, елимизде тынышлықты, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўдеги хызметлери, сондай-ақ, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын ҳүрметли атақ пенен сыйлықлансын:

 

“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы”

 

Маллаев Искандар Маматмусаевич – Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислери бойынша орынбасары

 

Аюбов Шукурлло Хамроевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары

 

Хожамуратов Бахытбай Бердибаевич – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлимше баслығы

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                      М.Ерниязов