Усы жыл 13-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң   депутатлары, ҳүкимет ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, офицер ҳәм сержантлар,  әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажды Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешев басқарып барды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги талапларын орынлаў бойынша республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, барлық қала ҳәм районларда «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» сүрени астында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, спорт жарыслары, жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде «Мәртлик ҳәм ерлик» темасында сабақлар өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёев өзиниң Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўында «Армия ҳәм халық-бир тән бир жан!»  деген терең мазмунлы идеяға айрықша тоқтап өтти. Ҳақыйқатында да, бүгинги күни барлық ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер, тәлим-тәрбия мәкемелери, кең жәмийетшилик ўәкиллери усы мақсет әтирапына жәмлеспекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында Арқа-Батыс әскерий округине қараслы Нөкис гарнизонында әскерлер менен ушырасып, бул жерде алып барылып атырған жумыслардың барысы менен жақыннан танысты. Соның менен бирге, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, Нөкис қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде «Қәўипсиз қала» бағдарламасын әмелге асырыў ўазыйпасын белгилеп берди.

Президентимиздиң арнаўлы Пәрманы менен орынларда әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилип, оның шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлардың «Жол картасы» ислеп шығылды. Өткен жылдың өзинде Арқа-Батыс әскерий округинде 36 миллиард сумнан зыят қаржы есабынан қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылып, керекли инвентарлар менен тәмийинленген болса, әскерий-ҳәкимшилик секторының жумысларын раўажландырыў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 31 миллиард сумға жақын қаржы ажыратылды. Округ аймағындағы 20 көп қабатлы турақ жай ири оңлаў, 11 объектте ири оңлаў,  әскерлердиң сап тартып жүриў майданшасы ҳәм ишки жолларды бетонлаў жумыслары алып барылды. Өткен жылы әскерий хызметкерлер ушын қала ҳәм районларымызда бес қабатлы, жәми  240 квартиралы 8 турақ жайда қурылыс жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли ислер 2019-2020-жыллары да даўам етип, әскерлер, Миллий гвардия ҳәм ишки ислер хызметкерлери ушын жәми  240 квартиралы 8 турақ жайды қурыў режелестирилмекте.

Байрам қарсаңында ҳуқық қорғаў уйымлары, қорғаныў ҳәм айрықша жағдайлар министрликлери хызметкерлериниң бир топары  Президентимиздиң пәрманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесини Президиумының қарары тийкарында  мәмлекетлик сыйлықлар  менен сыйлықланды. Илажда  усы сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан «Жасорат» медалының ийеси, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий бөлим батареясы командири С.Дәўлетназаров, әскер аналары атынан Г. Худайбергенова, мүддетли әскерий хызметтеги әскер А.Усанбаев шығып сөйлеп, әскерий хызметкерлерге көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевқа шексиз миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров Ўатан қорғаўшыларына арналған қосығын оқып берди.

Салтанатлы мәжилис республика көркем өнер шеберлериниң байрам концерти менен жуўмақланды.

Илажға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик Кеңеси хаткериниң орынбасары Б.Шаякубов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.