Өзбекстан тоғай хожалығы комитети ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Мойнақ районлық Кеңеси менен биргеликте «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен байрам концерти шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында New Muynak City телеграм каналы хабар берди.

Арал теңизиниң қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайлықларын егиўге белсене қатнасып атырған барлық жерлеслеримиз, сондай-ақ, районда қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыўға жәрдемге келген Айрықша жағдайлар министрлиги Арнаўлы инженерлик қурылыс басқармасы қәнигелестирилген тәбиятты қайта тиклеў батальонында хызмет етип атырған әскер ҳәм офицерлерге байрам кейпиятын уласыў ушын белгили сөз устасы, спортшы ҳәм актёр Валижон Шамшиев басшылығында концерт бағдарламасы жыйналғанлардың итибарына усынылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги