Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Әскер аналарын ҳүрметлеймиз» атамасында ушырасыў кешеси өткерилди.

Оған Мәҳәлле қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар комитетиниң ўәкиллери, университеттиң студент-жаслары ҳәм әскерий хызметтеги жигитлердиң ата-аналары қатнасты.

Илаж даўамында республикамыздың барлық аймақларында әcкерий хызметин өтеп атарған Қарақалпақстанлы әскерлердиң ата-аналары менен қызғын сәўбетлесиў өткерилди.

– Балам Берик Турсынбаев Ташкент ўәлаятында әскерлик ўазыйпасын атқарып атыр. Ол балалығынан әскер болыўды әрман ететуғын еди. Мине, бүгин әрманлары орынланды. Баламды жақыннан, қасында турғандай болып көрдим, – дейди Қанлыкөл районы «Наўрыз» АПЖ турғыны, әскердиң анасы Гүлнара Юсупова. – Ол жерде жақсы имканиятлар жаратылған екен. Усындай имканиятларды жаратып атырған Елбасшымызға рахмет. Пурсаттан пайдаланып елимиздиң барлық азаматларын байрам менен қутлықлайман.

Илажда хызмет ўақтында үлгили минез-қулқы, жоқары билими ҳәм зийреклиги менен қатарласлары арасында ажыралып туратуғын бир топар әскерлердиң аналарына шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Илаж соңында қатнасыўшыларға «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.Ҳабибуллаев тәрепинен түсирилген.)