Нөкис қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайында мектеп оқыўшыларының қысқы дем алыс күнлери өз қоллары менен дөреткен тоқымашылық, тигиўшилик, көркем сүўретлеў өнери өнимлериниң көргизбеси ҳәм ярмаркасы болып өтти. Илаж «Мен ғәрезсиз мәмлекеттиң перзентимен» атамасындағы концерт бағдарламасы менен басланды.

– Оқыўшылардың қысқы дем алысын мазмунлы өткериў, дөгереклеримизге қатнасыўшылардың санын арттырыў, олардың келешекте белгили бир кәсипти ийелеўи ушын өнердиң дәслепки сырларын үйретиў мақсетинде көплеген илажлар әмелге асырылды, – дейди Нөкис  қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайы директорының оқыў ислери бойынша орынбасары А.Ережепов. – Бүгин дөгереклерге турақлы қатнасқан оқыўшыларды хошаметлеў ушын көркем дөретпелер көргизбесин ҳәм ярмаркасын шөлкемлестирип атырмыз. Илаж даўамында оқыўшылар өз қоллары менен дөреткен өнимлерин досларына көрсетиўге ҳәм сатып, қосымша тоқыў сабақларын, оқыў қуралларын алыў имканиятына ийе болады. Ҳәр бир дем алыста оқыўшылар арасында көркем өнер, техника ҳәм үлкетаныў бағдарлары бойынша ярмаркалар шөлкемлестириў дәстүрге айландырылды.

Тоқымашылық, гилемшилик, тигиўшилик, сүўретлеў өнери, дизайн, моншақлы безеў дөгереклериниң белсенди ағзалары қамтып алынған илажда «Шебер қоллар» атамасында таңлаў да өткерилип, ең жақсы өним ийелерине диплом ҳәм естелик саўғалалары тапсырылды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.