Өзбекстан Халық билимлендириў министрлигиниң Телеграм каналында пән олимпиадаларында оқыўшысы сыйлы орын ийелеген муғаллимлер қандай жағдайда хошаметлениўи ҳаққында мағлыўмат берилди, деп жазады Daryo.uz.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан баркәмал етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапалық жақтан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 14-августтеги ПҚ-3907-санлы қарарының 7-бәнтинде, билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде аймақлық, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды таярлаған улыўма орта билим бериў мектеплериниң педагог кадрлары төмендеги тәртипте ең кем айлық мийнет ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықлаў тәртиби бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизиў белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен келисилген ҳалда усыныслар (Министрлер Кабинети қарарының жойбары) таярланып, көрип шығыў (тастыйықлаў) ушын Ҳүкиметке киргизилген.

Бул қарар жойбары Министрлер Кабинети тәрепинен көрип шығылмақта. Белгиленген тәртипте тастыйықланғанынан соң ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланады ҳәм барлық билимлендириў мәкемелерине жеткериледи.

«Министрлик барлық педагоглардан социаллық тармақлардағы айрым Телеграм каналларындағы халық билимлендириў системасына байланыслы тастыйықланбаған мағлыўматларға исенип қалмаўды сорайды. Пән олимпиадасында оқыўшысы орын алған муғаллимлерге ақшалай сыйлық берилиў тәртиби бойынша рәсмий ҳүжжет қабыл етилгенинен соң ҳәмме хабардар етиледи ҳәм әмелиятқа енгизиледи», – деп жазылған хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги