2001-жылы март айында биринши мәрте эфирге узатылған «Заковат» интеллектуал көрсетиўи дәслеп «Ёшлар», кейин ала «Ўзбекистон» телеканалы арқалы эфирге узатылатуғын еди.

Ҳуқықтаныўшы ҳәм блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, быйылғы жылы өзиниң 19-мәўсимин баслайтуғын көрсетиў 2019-жылдан баслап «Milliy» телеканалы арқалы эфирге узатылады. Сондай-ақ, «Заковат»та бир неше жақсы өзгерислер ҳәм ири жойбарларды әмелге асырыў жобаластырылмақта.

Сондай-ақ, хабарда көрсетиў ушын сораўларды Ташкент қаласы, Сайид Барака көшеси, 21-жайға жибериў соралған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги