Румыния  қорғаныў министрлиги Президент Клаус Йоханниске штаб баслығы генерал Николай Чукэниң ўәкилликлерин созыўға байланыслы пәрманды бийкар етиўди сорап шағым хат жиберди.

Mediafax агентлигиниң хабар етиўинше, Румыния Президенти 28-декабрьде генералдың орнына басқа талабан таппағанын айтып, Николай Чукэниң ўәкилликлерин созыўға пәрман берген еди.

Шағымда айтылыўынша, нызамға муўапық, Президент бул жумысты тек қорғаныў мәкемесиниң усынысы менен ислеўи мүмкин. Енди Президент аппараты шағымға 30 күн ишинде жуўап бериўи керек.

ӨзА