Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев мәмлекеттиң 47 пуқарасы Сириядан аман-есен қайтарылғаны туўралы баянат берди, делинген Президент Баспасөз хызметиниң хабарында.

Назарбаев ҳуқық қорғаў уйымлары сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте  47 пуқараны, соннан, 30 нәрестени ўатанға қайтарғанын айтып, олар алдаў жолы менен Сирияға барып қалғаны ҳәм терроршы топарларға тутқын болғанын атап өткен. Оларға мәмлекет тәрепинен тийисли жәрдем берилген ҳәм балалар басқа мәмлекетте туўылғанына қарамастан Қазақстан пуқарасы болып есапланатуғынлығы айтылған.

ӨзА