Хожели районында жайласқан Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары Нөкис гарнизонында әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

«Ўатансүйиўшилик айлығы» шеңберинде шөлкемлестирилген экскурсия процесинде жаслар горнизон аймағындағы әскерий бөлим жатақханасы, оқыў корпуслары, асхана ҳәм китапхана менен танысты. Капитал реконструкцияланған оқыў корпусында болды.

Сондай-ақ, мийманларға мергенлик, артиллерия, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў, әскерий топография, арнаўлы тактикалық ҳәм байланыс таярлықлары бойынша дәслепки түсиниклер берилди. Заманагөй компьютерлестирилген оқ атыў бөлмесинде өткерилген әмелий шынығыўлар ҳәм Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары арасында шөлкемлестирилген «Ең жақсы шабандоз» ойынлары бәршеге бирдей унады.

Экскурсия жуўмағында балалар ушын әскерлер асханасында байрам дастурханы жайылды.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Президенти 2018-жылдың ноябрь айында усы гарнизонда болып, әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысқан еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги