Жаңа жыл алдынан Қанлыкөл районында аўыллық шаңарақлық поликлиникалары менен аўыллық шыпакерлик пунктлериниң алыс аймақлардағы пуқаралардың саламатлығын қадағалап баратуғын 20 патронаж мийирбийкесине велосипед саўға етилген еди.

Бул илаж мийирбийкелердиң жумысын аңсатластырыў ҳәм хызмет сапасын жақсылаўға қаратылғаны менен әҳмийетли, әлбетте.

  • Жаңа жыл алдынан районымыздағы узақ жерлерге қатнап жумыс ислейтуғын мийирбийкелерге велосипед саўға етилген еди,-дейди 15-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасының патронаж мийирбийкеси Гүлжайна Бердимуратова. – Бул бизлер ушын үлкен саўға болды.

Мәселен, мен өзим «Алтынкөл» АПЖда тураман. Аржағы менен бержағын қосып есаплағанда 12-15 километрлик аралықтағы үйлерге қатнап, наўқаслардан хабар алыўға, үйме-үй кирип, тараўымызға байланыслы көплеген профилактикалық ҳәм басқа да жумысларды алып барыўға туўра келеди. Енди велосипед минип аралап жүриппен. Жаратылған қолайлық ушын рахмет.

 

Қ.Х.А.