2018-жылдың 27-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы лаўазымына Юлдашев Азамат Ялгашевич тайынланған, деп жазады Makan.uz.

Азамат Юлдашев 1976-жылы Әмиўдәрья районында туўылған. 1997-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген. Қәнигелиги – юрист.

Азамат Юлдашев бул лаўазымға тайынланбастан алдын  Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығының орынбасары – суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў бөлими баслығы лаўазымында ислеген.