Сайтымыз арқалы Султан Зияевтиң Қанлыкөл районындағы итибардан шетте қалған халық тилиндеги «Ийшан терек» зыярат орны ҳаққында материал жәриялаған едик.

Арадан көп ўақыт өтпестен, бул зыярат орында абаданластырыў жумыслары алып барылып атырғаны ҳаққында автор Zaman.uz сайтында жәриялады.

Мағлыўматта жазылыўынша, зыярат орнына район ҳәкимлиги, районлық абаданластырыў басқармасынан ўәкиллер ҳәм аўыл ақсақаллары барып көрген ҳәм бул жерде абаданластырыў жумыслары басланған.

Ҳәзирги ўақытта жумыслар қызғын даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги