Жақында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги ролин ҳәм орнын еле де арттырыў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы статусын жоқарылатыў, жас қызлардың әдеп-икрамлылық, сөйлесиў ҳәм кийиниў мәдениятын жетилистириў нийетинде «Жас қызларда эстетикалық мәдениятты раўажландырыў» атамасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди.

Илажда Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеминиң баслығы Л.Ибрагимова, Қарақалпакстан мусылманлар қазыяты хаял-қызлар менен бирге ислесиў бөлиминиң қанигеси Т.Досымбетова, институттың психология кафедрасының оқытыўшысы З.Шеримбетовалардың баянатлары тыңланды.Кеше даўамында кийимлер көргизбеси, концерт бағдарламалары жыйналғанлардың дыққатына усынылды. Илаж барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

Усындай илаж Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында да болып өтти.

 

Бердақ атындағы ҚМУ журналистика канигелигиң 4-курс студентлери

Нурсулыў НУРБЕКОВА,

Сарбиназ ХУДАЙБЕРГЕНОВА.