Өзбекстанда прописка жоқлығы жумысқа қабаллаў ушын тосық бола алмайтуғын болды. Бул ҳаққында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәлим етти, деп жазады Daryo.uz.

Мийнет кодексиниң жаңаланған 80-статьясына муўапық, буннан былай ўақытша ямаса турақлы прописка яки жасаў орны бойынша есаптың жоқлығы жумысқа қабыл етиўден бас тартыў ушын тийкар болмайды.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстен де ўақытша ямаса турақлы пропискасы жоқ яки жасаў орны бойынша есапта турмаған шахсты жумысқа қабыл еткени ушын ең кем мийнет ҳақының 10 нан 15 есесине шекемги муғдарда жәрийма белгилеўди нәзерде тутатуғын 223-2-статья алып тасланды.

Бул өзгерислер 2019-жыл 10-январьдан баслап күшке кирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги