Жийенбай Избасқанов,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры.

 

«Сүйемен шөл перзенти сексеўилди»

(И.Юсупов)

 

Қумлар — қатық уйытылған зеренге,

Қасарысып төбесине өсипсең.

Мен билемен — тамырларың тереңде

Жети қабат жерди еринбей тесипсең.

 

Жазда келсек жамыламыз саяңды,

Ғыжлап жанып ысындырдың қысында.

Қалайда сен шөл көркисең баянлы —

Ибрат алар пазыйлетиң усында!

 

Өзиң менен ес билгели таныспан,

Мениң бала кеўлиме унар ең.

Қыялымда батырлардай алысқан,

Кеңликлерди толтырып кеп турар ең.

 

Соңын ала сени сүйген шайырдың,

Жырларынан белли орын алдың сен.

Саған кимниң иси түссе — қайыл дым,

Пидалықтан сийреклесип қалдың сен.

 

Әййем дәртли кеўиллерге түйиўли,

Қум астында қалып қойған әрмансаң.

Шөл болса да туўған жерди сүйиўди,

Мәрт халқымның минезинен алғансаң…

 

1978-жыл.