Мойнақ районы жасларын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларына таярлаў мақсетинде районның өзинде бийпул репититорлық курслары шөлкемлестирилди.

Kar24.uz сайтының мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының тәжирийбели профессор-оқытыўшылары районның өзинде 590 абитуриентке қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, математика, физика, химия, биология, география ҳәм тарийх пәнлеринен сабақлар өтпекте.

Биз бул бойынша қосымша мағлыўмат алыў мақсетинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқыў-методикалық басқарма баслығы Р.Ешмуратов пенен байланыстық.

– Институтымыздың тәжирийбели оқытыўшыларынан Қ.Матимов, Қ.Абдимуратов қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, С.Досмағамбетов тарийх, А.Зарымбетов рус тили ҳәм әдебияты пәнинен Мойнақ районында усы жылдың 5-январынан баслап абитуриентлерге сабақлар өтпекте. Оқытыўшылар абитуриентлерди усы жылдың август айына шекем тест сынақларына бийпул таярлайды. Буның ушын район ҳәкимлиги менен биргеликте барлық шараятлар жаратылған. Булардың барлығы Президентимиз басшылығында Арал бойы регионы халқы, әсиресе, жаслары ушын қаратылып атырған үлкен ғамқорлықтың әмелий көриниси, десек қәтелеспеген боламыз, – дейди Р.Ешмуратов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.