2018-жылы 4600 мигрант қайтыс болған ямаса бийдәрек жоғалған, деп хабар берген миграция Халықаралық шөлкеми.

Женевада болып өткен брифингте шөлкемниң рәсмий ўәкили Леонард Дойлдың мәлим етилиўинше кеминде 4 592 мигрант сапар даўамында қайтыс болған ямаса бийдәрек жоғалған. Олардың ярымынан көби – 2 297 мыңы Африкадан Европаға Жер орта теңизи арқалы өтпекши болғанлар. Арқа Африкада  567 адам, қубла Сахарада жайласқан Африка мәмлекетлеринде 559, Мексика ҳәм АҚШ шегарасында 393, Африканың басқа аймақларында – 274 мигрант қайтыс болған ямаса бийдәрек жоғалған. Дизимди Жақын Шығыс (121), Европа (109), Орайлық Америка (77), Қубла-Шығыс Азия (68) ҳәм Орайлық Азия (52) даўам еттиреди. Басқа да аймақларда жәбирленгенлер бираз аз. Атап айтқанда, Кариб теңизинде 34, Қубла Америкада 27 адам қайтыс болған ямаса бийдәрек жоғалған.

Дойлдың мағлыўматына қарағанда 2018-жылы Европаға Жер орта теңизи арқалы 116 мың мигрант кирип келген.

Гулшод Азимова,

ӨзА