«2019-жылы ири инвестициялар Уллы Британия, Польша, Россия, Германия мәмлекетлери тәрепинен киргизилиўи күтилмекте», деп атап өтилди Халықаралық пресс-клуб тәрепинен шөлкемлестирилген «Инвестициялар – экономика драйвери, оның жүреги: реформалар, әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм машқалаларды таллаў» темасына бағышланған әнжуманында.

Сондай-ақ, ашық пикирлесиў даўамында қатнасыўшылар Өзбекстанда инвестицияларды раўажландырыўдың жаңа әҳмийетли бағдарлары, мәмлекеттиң тараўда әмелге асырып атырған реформалары, дүнья мәмлекетлериниң елимизге алып кирип атырған инвестициялары ҳаққында да мағлыўмат берилди. Әсиресе, Өзбекстан дүньяда туризм раўажланатуғын ең үлкен регион сыпатында тән алынып атырғаны, бул ушын усы үлкениң географиялық жайласыўы, мәдений ҳәм ески тарийхы, тәбийғый орталығы, бай дәстүри ҳәм үпр-әдетлери, заманагөй көриниси сыяқлы факторлар көпшилик туристлерди өзине тартып атырғанын атап өтти.

ӨзА