Италияда арктикадан келген суўық ақыбетинде температура қатты төменледи. Ири қара малды суўықтан аман алып қалыў ушын айырым жергиликли фермерлер малға жыллы кийим кийгизиўге мәжбүр болды, деп хабар етпекте La Repubblica   басылымы.

«Фермерлер бузаўларды пальтоға орап, сондай-ақ, қораларды жылытыў ушын электр шамларын орнатып атыр. Малға беретуғын суўды 20 градусқа шекем жылытып, қосымша азықландырып атыр», – дейди Coldiretti аўыл хожалығы бирлеспесиниң қәнигелери.

Италиялы фермерлердиң есабы бойынша, қолайсыз ҳаўа-райының 2018-жылы аўыл хожалығына тийгизген зыяны 1,5 миллиард евродан асып кеткен. Ал 2019-жылы бул қатты суўық от-жем жеткерип бериўде машқалалар туўдырыўы мүмкин.

Ал қосымша от-жемниң шығыны гөш өнимлериниң қымбатлаўына алып келеди.