Гэллап институтының жүргизген сораўнамасының нәтийжеси бойынша, АҚШтан кеткиси келетуғын америкалылардың саны рекорд көрсеткишке жеткен, деп хабарлайды КазАқпарат.

2017-2018-жыллары америкалылардың 16 проценти жасаў орнын алмастырыў ушын басқа мәмлекетке кеткиси келетуғынын билдирген. Деген менен, бул – дүнья жүзилик стандартлар менен салыстырмалы түрде алғанда, орташа көрсеткиш.

Мәмлекеттен биротала кеткиси келетуғынлардың ишинде ҳаял-қызлар жағы басым, олардың 20 проценти усындай тилек билдирген. Ал ер адамлар арасында бул көрсеткиш 13 процент шамасында. Жас өзгешелиги жағынан алғанда, 30 жасқа толмағанлардың 30 проценти, сондай-ақ, табысы аз америкалылардың да шама менен үштен бири (30 проценти) басқа мәмлекеттен бахыт излегиси келеди.

Сораўнама нәтийжесине қарағанда, Канаданы көз астына алған америкалылардың саны бурынғысынан да артып кетеди. 2016-жылы бул көрсеткиш 12 процент болса, 2018-жылы Америкадан кеткиси келетуғынлардың 26 процентин арқадағы қоңсысы қызықтыра баслаған.

Атап айтқанда, басқа мәмлекетке  кетиўди қәлейтуғынлардың саны, анық жобаластырғанларға қарағанда әдеўир көп. Бир сөз бенен айтқанда, америкалылардың бәри шегарадан өтип, Канадаға кетеди деўге болмайды.

Сораўнама телефон сөйлесиўи арқалы алып барылған, оған АҚШтың 15 жастан асқан 1000 пуқарасы қатнасқан.