Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2018-жыл 28-декабрь кунги Олий Мажлис палаталарына жоллаған мүрәжатында Арал теңизиниң суўсыз аймағында келеси жылы және 500 мың гектар тоғай жаратылады, деп атап өтти.

Ҳәзирги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларының Тоғай хожалықларының, Абаданластырыў басқармасының хызметкерлери, жергиликли турғынлардың қатнасыўында сексеўил туқымын жыйнаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы Тоғай хожалығы бөлими тәрепинен  нәл егиўге таярланған сексеўил туқымын егиў жумыслары шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, усы жумысларға тартылған қарық жарыўшы техникалар жәрдеминде сексеўил туқымын егиў ушын  қарықлар жарылып, қамыслардан ибарат самалдан қорғаныў ушын арналған қурылмалар, арнаўлы техника жәрдеминде сексеўил туқымын егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

Өткерилген илажларға жәми мыңнан аслам адам қатнаспақта. Соннан 250 ден асламы таярланған туқымларды қапларға жайластырыўға, 687 си жер орнын таярлаўға ҳәм егиўге қатнаспақта. Олардың 530 ы басқа ўәлаятлардан келип жумыс ислеп атырғанлар болып есапланады. Сондай-ақ, 65 адам Арал бойындағы участкаларға отын қорын шөлкемлестириў ушын тартылды. Жәми усы жумысларға 416 техника тартылды.

Бүгинги күнде сексеўил егиў ушын жәми 131 мың гектардан аслам жер майданы таярланды. Таярланған жер майданының 37 мың 157 гектарына 187705 килограмм сексеўил туқымы егилди.

Усы күнге шекем жәми 579149 килограмм сексеўил туқымы таярланды. Соннан жергиликли халық тәрепинен 70349 килограмм сексеўил туқымы жыйналған. Жумысшылардың мийнет ҳақылары ўақтында төленип, оларға жәми 975 миллион сум ақша мийнет ҳақы ушын берилген. Бул жумысларға ўәлаятлардың да қосып атырған үлеси үлкен. Атап айтқанда, Наўайы ўәлаяты 103100, Бухара ўәлаяты 196700, Қашқадәрья ўәлаяты 35900 килограмм сексеўил туқымын таярлады. Қарақалпақстан Республикасының басқа районларынан 173100 килограмм сексеўил туқымы таярланып, туқымлардың 80 мың килограммнан асламы егиў ушын жетип келди.

7-январь күни жәрдемге республикамыз районларынан қосымша 32 техника ҳәм 32 механизатор Мойнақ районына жетип келди.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.