Өзбекстан Республикасы Президенти «Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар жумысларын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Ҳүжжетке муўапық, 2019-жылдың 1-апрелинен төмендегилерди өз ишине алатуғын республика бойынша бирден-бир электрон мәлимлеме системасы енгизиледи:

– үйме-үй жүриў, өткерилген сәўбетлер, келип түскен мүрәжатлар нәтийжесинде анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққындағы мағлыўматлар;

– социаллық тараў ҳәм басқа объектлердеги бар жағдайларды үйрениў нәтийжесинде анықланған машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққындағы мағлыўматлар;

– секторлар жумыслары бойынша электрон статистикалық есап формалары;

– Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар)ды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс тәризи ҳәм социаллық қорғалыўын жақсылаў бойынша «жол карталары» ҳәм олардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар.

Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте ҳәр шерек жуўмақлары бойынша республикалық мәлимлеме системасына киргизилген шешилмеген машқала ҳәм усынысларды улыўмаластырып, анализлеп ҳәм қаржыландырыў дәреклерин анық көрсеткен ҳалда мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, инвестициялық бағдарламаларға киргизиў ҳаққындағы тийкарландырылған усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизип барады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.