Ембергенов Женгис Сағинбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети хабар берди.

Ембергенов Женгис Сағинбаевич – усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министри лаўазымында ислеп келди.

Ембергенов Женгис Сағинбаевич 2012-2017-жыллар аралығында әйне усы, яғный, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Капитал қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалығы ҳәм абаданластырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги