Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК тәрепинен көрсетилетуғын күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тийисли орынларға алып кетиў хызметлери ушын жаңа тариф баҳалары тастыйықланды, деп хабар берди Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети.

Бул ҳаққында усы жылдың 7-январь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм топлап алып кетиў хызметлери ушын жаңа тариф баҳалаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 1-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық буннан былай Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» МУК тәрепинен көрсетилетуғын күнделикли турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тийисли орынларға алып кетиў хызметлери ушын төленетуғын жаңа тариф баҳалары физикалық шахслар, яғный 1 пуқара ушын айына – 2100 сум, ал юридикалық шахсларға 1 метр куб ушын 40 000 (қосымша қун салығы менен 48 000)  сум етип белгиленди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, усы күнге шекем бул төлемлер 1800 сум ҳәм 36 000 сумды қураған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги