Алдын хабар еткенимиздей, Мойнақ районындағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Көк суў» көли бойында «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы болып өтти.

Таңлаў жуўмағында балықтан 78 түрли тағам таярлаған Мойнақ районы аспазлары биринши, Хорезм ўәлаятының аспазлары екинши, Әмиўдәрья районының аспазлары үшинши орынды ийеледи. Хорезм ўәлаятынан Фурқат Намазов «Ең шебер аспаз», Шоманай районынан Роза Шалабаева  «Ең сүйкимли балық тағамы аспазы», Әмиўдәрья районынан Асқар Худайбергенов «Ең мазалы балық тағамы аспазы», Нөкис қаласынан Ҳайтбай Кузиев «Ең әййемги балық тағамы аспазы», Кегейли  районынан Индира Мәмбетназарова «Ең шаққан балық тағамы аспазы», Беруний районынан Зухра Жаббарова «Ең жас аспаз», Мойнақ районынан Бийбисара Турымбетова «Ең шебер ҳаял аспаз», усы районнан Халифа Жапарова «Балықтан тағам таярлаў бойынша ең шебер үй бийкеси» номинациялары жеңимпазы деп табылды. Сондай-ақ, ең жақсы қурылған қара үйлер бойынша жеңимпазларды анықланды. Онда биринши орын Шымбай районына, екинши орын Беруний районы, үшинши орын Әмиўдәрья районына берилди.

Мойнақ районында «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Дәўлетбийке Дәниярова балықтан таярланған отызлаған тағам менен қатнасты.

Күнниң екинши ярымында ашық аспан астындағы «Кемелер музейи» жанында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивальда улыўма билим бериў мектеплери, кәсип-өнер колледжлери оқыўшыларының «Қуслар байрамы», «Жер жүзилик суўды қорғаў», экология темасындағы сүўрет ҳәм плакатлар, өнертментшилик буйымларының көргизбеси болды. Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалында болса, дөретиўши жаслардың, Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм бир қатар ўәлаятынан келген фольклор-этнографиялық ансамбллердиң халық шайырларына арналған қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылды.

Илаж соңында «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Фестиваль елимиздиң белгили көркем өнер шеберлери менен эстрада жулдызларының гала концерти менен жуўмақланды.

Фото: Фестивалдан көринислер

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Фото М.Хабибуллаевтики