USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ДЕПУТАТЛАР ҚАНДАЙ НЫЗАМ ЖОЙБАРЛАРЫН КӨРИП ШЫҚТЫ?

2019-жыл 7-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилиси болып өтти. Онда Ҳүкимет ағзалары, бир қатар министрликлер, уйымлар, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң ўәкиллери менен бир қатарда, халық депутатлары Ташкент қаласы ҳәм пайтахт районлары Кеңеслериниң депутатлары да қатнасты.

Мәжилисте депутатлар елимизде ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Қызғын додаланған мәселелерден бири «Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген айырым категориядағы шахслар үстинен ҳәкимшилик қадағалаў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының жынаят нызамшылығы ҳүжжетлерине муўапық, әмелиятта айырым категориядағы шахслар, атап айтқанда, сырт еллерде болған дәўири ишинде аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислеген шахслар үстинен ҳәкимшилик қадағалаў орнатылады. Усы көзқарастан, Министрлер Кабинети тәрепинен 1992-жылдағы әмелдеги нызамның жаңа редакциясы тәризинде киргизилген бул жойбар рецидив ҳәм басқа да жынаятлардың алдын алыўда нәтийжели қурал болған ҳәкимшилик қадағалаў институтын буннан былай да жетилистириўге қаратылған. Депутатлардың атап өтиўинше, еркинен айырыў орынларынан шыққаннан кейин ҳәкимшилик қадағалаўға алынған шахслар тәрепинен жынаятлар ислениўиниң алдын алыў, айыпланыўшыны дүзетиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасын күшейтиўге хызмет ететуғын бул нызам жойбары бир ўақыттың өзинде ишки ислер уйымларының усы бағдардағы жумыс нәтийжелилигин арттырыўға да жәрдем береди.

Жойбар норма дөретиўшилиги талапларынан келип шығып, жуўапкер комитет тәрпинен терең исленди ҳәм жаңа, пүтин нызам тәризине келтирилди. Оған бола, 21 статья қайта ислеп шығылды ҳәм 6 жаңа статья киргизилди. Нызамдағы гүмилжи нормалар шығарып тасланды. Қадағалаўды орнатыў, әмелге асырыў, қадағалаўды жуўмақлаўды өзинде сәўлелендирген нормаларға анықлық киргизилди. Ҳәкимшилик қадағалаў орнатылатуғын шахслар категориясы қысқартылды, бундай шахсларға белгиленетуғын шеклеўлерге анықлық киргизилип, олардың саны азайтылды. Ҳәкимшилик қадағалаўды мүддетинен бурын алып таслаўды белгилейтуғын нормалар менен байытылды. Әне усындай үлкен өзгерислер менен жойбар тиккелей ислейтуғын нызамға айланды. Додалаўлар, тартысыўлардан соң нызам жойбары қабыл етилди.

Буннан соң депутатлар шахстың ақылы зайыллықты бийкарламайтуғын психикалық кемшиликлери анықланған шахсларға қолланылыўы нәзерде тутылған медициналық бағдардағы мәжбүрлеў шаралары және бундай илажларды қолланыў тәртиби бойынша Жынаят, Жынаят-процессуал, Жынаят-орынлаў кодекслерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты.

Президентимиздиң 2018-жыл 16-марттағы «Психиатрия жәрдемин көрсетиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып таярланған бул нызам жойбары менен жоқарыдағы кодекслерге социаллық қәўипли қылмысларды ислеген, ақылы зайыллықты бийкар етпейтуғын психикалық жағдайы бузылғанынан азап шегетуғын шахслар ушын жаза менен биргеликте тайынланатуғын медициналық бағдардағы мәжбүрлеў шараларын қолланыў тәртибин белгилеў және мәжбүрлеў шараларын өтеў тәртибин анықластырыўға байланыслы тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Депутатлардың пикиринше, нызам ҳүжжетлеринде суд-психиатрия экспертизасын өткериўде анықланыўы зәрүр болған мәселелерден бири шахстың ақылы зайыллықты бийкарламайтуғын психикалық кемшиликлери бар-жоқлығы менен байланыслы фактор болып табылады. Ҳәзирги күнге шекем суд-психиатрия экспертизасы процесинде бул категориядағы шахслардың анықланыўына қарамастан, нызамшылықта оларға ҳеш қандай мәжбүрий емлеў илажлары нәзерде тутылмаған. Жойбардың қабыл етилиўи ақылы зайыллықты бийкарламайтуғын психикалық бузылыўлар анықланған, суд тәрепинен жаза тайынланған шахсларға жаза менен бирге тайынланатуғын медициналық бағдардағы мәжбүрлеў шараларын қолланыў ҳәм оларды психиатр шыпакерлердиң қадағалаўысыз қалдырмаўға мүмкиншилик береди.

Нызам жойбары бойынша өткен додалаўлар процесинде депутатлар бул ҳүжжет инсанның тәғдирине байланыслы екенин есапқа  алып, нызам интакерлерине бир қатар турмыслық сораўлар менен мүрәжат етти. Пикир таласлардың жуўмағында жойбарды норма дөретиўшилиги талапларына толық жуўап беретуғын етип еледе пуқта ислеў усынысы алға қойылды. Соң нызам жойбары даўысқа қойылды. Бирақ ол жетерли дәрежеде даўыс ала алмады ҳәм қайта ислеў ушын жуўапкер комитетке қайтарылды.

Буннан соң депутатлар «Жайлаўлар ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалады.

Төменги палатаның бир топар депутатларының басламасы менен таярланған нызам жойбарын додалаў ўақтында атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде жайлаў ҳәм пишензарлықлардың улыўма майданы 21,1 миллион гектарды ямаса елимиз жер майданының 46,5 процентин қурайды. Бирақ кейинги 35-40 жыл даўамында көшпели шарўашылықта жайлаўлардан нормадан артық пайдаланыў, малларды жайлаўларда артықша бағыў және басқа да антропоген тәсирлер нәтийжесинде шарўашылық азықлығының көлеми азайып, жайлаў жерлери кризиске бет бурмақта. Таллаўларға бола, ҳәзирге күнге келип елимиздеги жайлаў майданларынан 16,4 миллион гектары  (78 проценти) кризиске ушыраған, 20 проценттен аслам майдандағы жайлаў ҳәм пишензарда өсимликлер саны және түрлери азайып, өнимдарлық 2 есеге қысқарған.

Жайлаўлардан пайдаланыў бойынша нәтийжели ҳуқықый мезанизм жаратылмағаны, бул тараўдағы қатнасықларды тәртипке салатуғын арнаўлы нызам қабыл етилмегени, жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша мәмлекетлик басқарыў уйымларының ўәкилликлери анық белгиленбегени, мал бағыў ҳәм пишен орыў нормалары ҳәм режелери белгиленбегени нәтийжесинде республикадағы жайлаўлардың жағдайы жылдан-жылға төменлеп бармақта.

Мәжилисте атап өтилгениндей, депутатлар тәрепинен ислеп шығылған бул нызам жойбарының қабыл етилиўи менен жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлери жаратылады. Мәмлекетлик басқарыў ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери белгиленеди. Кризиске ушыраған жайлаў майданларын анықлаў ҳәм оларды тиклеў, зүрәәтлигин арттырыў ушын азықлық егинлерин егиў жумыслары шөлкемлестириледи. Азық-аўат өнимлериниң резерви және халыққа гөш ҳәм сүт өнимлерин жеткерип бериў көбейеди. Шарўашылықта жайлаўлардан пайдаланыўдың нормалары белгиленеди.

Буннан соң депутатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Б.Алихановтың «Аралды қутқарыў халықаралық фонды (АҚХФ) шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшыларының саммитинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламалары ҳәм усынысларының мазмун-мәнисин және әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша әмелий илажлар Бағдарламасы ҳаққында»ғы мәлимлемесин тыңлады.

Хабарыңыз бар, Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының дүзилиўи өзбек дипломатиясының үлкен жетискенлиги болды, деген еди.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2018-жыл 24-августта Түркменстанда болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық фондының саммитинде бир қатар әҳмийетли басламалардың қатарында 2018-жыл июнь айында Ташкент қаласында Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыўға бағышлап өткерилген халықаралық конференцияның тийкарғы жуўмақлары менен усынысларын есапқа алған ҳалда Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик Траст фондын шөлкемлестириў басламасы алға қойылған еди. 2018-жыл 27-ноябрьде болса, Нью-Йорк қаласында БМШ Бас Ассамблеясының 73-сессиясы шеңберинде Өзбекстанда Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик тийкарында БМШтың Траст фондын иске қосыўға байланыслы жоқары дәрежедеги илаж өткерилди ҳәм әмелий ис («Жол картасы») көрсетилгеннен соң фонд өз жумысын баслады.

Президентимиз тәрепинен алға қолыйлған бул баслама ҳәм усынысларды өз ўақтында, нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде әмелий ҳәрекетлер режеси және әҳмийетли миллий бағдарламалар менен жойбарлардың дизими тастыйықланған. Соның менен бирге, бул баслама ҳәм усыныслардың мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша Әмелий илажлар бағдарламасы ҳәм Медиарежеси ислеп шығылған.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен бул бағдарлама ҳәм медиа-реже ҳәр тәреплеме додаланып, парламенттиң төменги палатасы Кеңесиниң тийисли қарары тастыйықланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа «Ташкент қаласы және Наўайы ўәлаятының Наўайы қаласында халыққа мәмлекет тәрепинен кепилленген медициналық жәрдем көрсетиўди нәтийжели шөлкемлестириў илажларын көриў ҳаққында»ғы және «Бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелер ушын белгиленген штат муғдарларын қайта көрип шығыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының парламентлик сораўларын жибериў ҳаққындағы мәселелер де көрип шығылды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ўәкиллигине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети