Адамзат тарийхында биринши мәрте Айдың екинши тәрепине Қытайдың «Чанъэ-4» автоматластырылған космослық кемеси қонды. деп хабар етпекте bbc.com   сайты.

3-январь күни Қытай ўақты менен саат 10:26да қонған бул космос кемеси тарийхта биринши мәрте айдың екинши тәрепине сәтли қоныўы.

Космос аппараты Айдың кери тәрепиндеги қоршаған орталықты, үстиңги қабатын, топырағын изертлеўге арналған қураллар менен тәмийинленген болып, «Чанъэ-4» айдың бетинде биологиялық экспериментлер өткереди.

Соны айрықша атап өтиў керек, интернет тармақларында айдың арғы тәрепиниң дәслепки сүўретлери тарқалып үлгерди.