Салық органларының салық бойынша қарызларды пластик картадан сөзсиз өндириў ҳуқықы бийкар етилди. Буннан былай пластик картаңыздан салықшылар пул шешип алалмайды, деп жазады Sof.uz.

Көпшиликке белгили, мәмлекетимиз басшысының 2018-жыл 26-июньдағы қарары тийкарында Мәмлекетлик салық хызмети органларына жүзеге келген салық қарыздарлығын салық төлеўши – физикалық шахслардың пластик карталарына хызмет көрсететуғын банк есап бетлеринен айына ең кем айлық мийнет ҳақының еки есеси муғдарынан көп болмаған суммада сөзсиз есаптан шығарыў ҳуқықы берилген еди. Бирақ, арадан бес ай өтип – Президенттиң 2018-жыл 26-декабрьдеги қарары тийкарында бул норма бийкар етилди.

Мағлыўмат ушын, 2018-жылдың декабрь айында Орайлық банк ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң «Салық қарызын физикалық шахслардың банк пластик карталарынан сөзсиз өндириў тәртиби ҳаққындағы режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәмийетшилик додалаўы ушын жәрияланған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги