8-январь – Өзбекстанда прокуратура уйымлары хызметкерлери күни

Өзбекстан Республикасының 2016-жыл 19-декабрьдеги нызамына муўапық енгизилген бул сәне елимизде үшинши мәрте белгиленбекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев прокуратура уйымларының жумысына тоқтап, бул система нызамлардың орынланыўы үстинен қадағалаў алып барыўы зәрүрлигин айрықша атап өткен. Усы мақсетте тараўды түп-тийкарынан реформалаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Тараў хызметкерлериниң жумысы халық мәплерине хызмет етиўге бағдарланбақта.

Ҳәрекетлер стратегиясы прокуратура уйымлары ушын әмелий ҳәрекетлер өлшемине айланған. Халық мәпи жолында хызмет етиў мәмлекетимиз басшысы тәрепинен прокуратура системасы алдына тийкарғы ўазыйпа етип қойылғаны ушын да буны әмелде тәмийинлеў ушын барлық илажлар көрилмекте. Соңғы бир жылда система пүткиллей қайта шөлкемлестирилип, халық мәпи ушын зәрүр болған жаңа структуралар енгизилди.

Ҳәр бир хызметкердиң ийелеп турған лаўазымына ылайықлы екенлиги үйренип барылмақта. Өткен жылы пуқаралардың мәпин гөзлеп суд ҳәм басқа да уйымларға тийисли ҳүжжетлер усынылған. Нәтийжеде 90 мыңнан аслам пуқараның бузылған ҳуқықы тикленген.

Исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў прокуратура уйымларының айрықша итибарында. Бас прокуратура тәрепинен бул бағдарда көплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, исбилерменлердиң жолында ушырасып атырған бюрократлық тосқынлықларды алып таслаў ҳәм коррупциялық жағдайларды сапластырыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

Прокуратура уйымларына келип түскен мүрәжатлар тийкарында 736 пуқара ақланған.

Жәмийетте әдилликти қәлиплестириў, пуқаралар, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша нәтийжели жумыс ислеп атырған прокуратура уйымлары хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА