7-январь күни Нөкис районында жайласқан  әскерий бөлимде «Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы және Ўатан қорғаўшылар күни» мүнәсибети менен «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» сүрени астында «Ашық есиклер күни», «Китаплар ярмаркасы» өткерилди.

Оған райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары менен жәмлеспеген жаслар қатнасты.

– Елимизде ерискен  тынышлық ҳәм турақлылықты, мийрим-шәпәәтлилик ҳәм кеңпейилликти, миллетлераралық татыўлықты қәстерлеп сақлаў, ғәрезсизлигимизди беккемлеў, оның қәўипсизлигин тәмийинлеўде  миллий армиямыздың орны айрықша, – дейди Өзбекстан Жаслар аўқамы Нөкис районлық кеңесиниң баслығы Қуўанышбай Моятдинов. – Ўатанды қорғаў, елимиздиң раўажланыўы ушын белсене үлес қосыў, барлық ўақытта сергек ҳәм абайлы болыў, тынышлығымызды сақлаў ҳәр бир пуқараның Ўатан, ел-журт алдындағы миннети деп билемен.

Байрам илажлары шеңберинде жаслар әскерлер турмысы, хызмети менен жақынан танысты. Сондай-ақ, қатнасыўшылар әскерий техникалар ҳәм әсбап-үскенелер менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўап алды ҳәм көплеген мағлыўматқа ийе болды.

Әскерий бөлимде «Әдебиятқа итибар-мәнаўиятқа, келешекке итибар» сүрени астында китаплар ярмаркасы өткерилди. Онда әскерий хызметкерлер тәрепинен жаўынгерлик таярлық шынығыўлары ҳаққындағы китаплар орын алды.

Илаж соңында қатнасыўшыларға әскерий бөлим оркестри тәрепинен таярланған ана-Ўатан ҳаққындағы қосықлар ҳәм миллий аяқ ойынлардан ибарат йошлы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги