Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиндеги шығып сөйлеген сөзин бизлер, Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы факультети профессор-оқытыўшылар жәмәәти үлкен қызығыўшылық пенен тыңладық. Президенттиң сөзи жаңа жыл байрамына бағышланған тек бәлент пәрўаз гәплер, көтериңки, қурғақ хошаметлер емес еди. Олар Өзбекстан Республикасы пуқараларының барлық қатламларының (исбилерменлердиң, әпиўайы жумысшылардың, зыялылардың, илимпазлардың), барлық тайпадағыларының (балалар, жаслар, пенсионерлер, ҳәттеки майыплардың) мәплерин гөзлейтуғын, олардың турмыс тәризин жақсылаўға қаратылған гәплер еди. Президент алдымызда турған әҳмийетли мәселелерди тек блокларға бөлип, оларды атап өтиў менен шекленбеди. Ҳәр бир әҳмийетли мәселени көтергенде, оның түп-тийкарын ашып көрсетти. Ҳәр бир мәселеге анық мысаллар, дәлиллер, цифрлар менен қатнас жасады, оны шешиў жолларын ҳәм қашан шешилиўин анық айтты. Мәселен, қурып баратырған Арал теңизи ҳаққында айтқанда, ол тек адамларды жубататуғын гәплер менен шекленген жоқ, ал Арал апатшылығынан қутылыў илажлары усы жылдан-ақ баслап жиберилгенин, яғный үлкен-үлкен майданларға сексеўил ҳәм басқа да қумның, дуздың көшиўин тоқтатып қалатуғын саҳра өсимликлерин егиўди баслап жиберилгенин атап өтти. Президент ҳәммениң жүрегинде жүрген әҳмийетли мәселениң анық шешимин айтты.

Бизде жоқары оқыў орынлары ҳәм усы тараў хызметкерлериниң турмыс дәрежесин жақсылаў, денсаўлық ҳәм басқа да социаллық мәселелер ҳаққында Президентимиздиң Олий Мажлис минберинен турып айтқанлары үлкен разылық, миннетдаршылық сезимлерин оятты.

Президент жол-жоба көрсеткен екен, енди оны орынлаў бизден. Ҳәр биримиз өзимиздиң исимиз бенен, ақыл-ойымыз, билимимиз бенен, руўхый күш пенен көрсетилген ўазыйпаны, талапларды орынлаўға бирлессек, мәмлекетимиздиң және де раўажланыўына, алдынғы қатардағы мәмлекетлер қатарына қосылатуғынымызға гүман жоқ.

Қурбанбай ЖӘРИМБЕТОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик

 университети профессоры.

ӨзА