Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген урология илимий-әмелий медицина орайының директоры орынбасары Шавкат Шаваҳабов, Орайдың операция бөлими шыпакери Мухаммадзариф Бахадырханов ҳәм уролог шыпакер, медицина илимлери докторы Улуғбек Худайбергеновлар халыққа жоқары урологиялық медициналық жәрдем көрсетиў, қала ҳәм район медицина бирлеспелериниң шыпакерлери менен бирге кеселликлердиң профилактикасы, диагностикасы ҳәм емлеў, шыпакерлердиң тәжирийбесин арттырыў мақсетинде «Шеберлик сабақларын» шөлкемлестириў ушын усы жылдың 7-9-январь күнлери аралығында Қарақалпақстанда болады.

Усы ўақыт ишинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларының көп тармақлы орайлық поликлиникаларында, медициналық бирлеспелеринде ташкентли қәнигелер тәрепинен пуқаралар медициналық тексериўден өткерилип, анық диагнозлар қойылады ҳәм анықланған кеселликлер бойынша зәрүрли мәсләҳәтлер бериледи. Бул тексериўлерге урологлар менен бир қатарда улыўма әмелият шыпакерлери, хирурглар ҳәм терапевтлерди де қамтып алыў нәзерде тутылған.

Халыққа зәрүрли мәсләҳәтлер бериў менен бирге шаңарақта саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, медициналық мәдениятты жоқарылатыў бағдарында да үгит-нәсият жумыслары, ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, лекциялар шөлкемлестириледи.

–  Қарақалпақстанға келиўимизден мақсет – аймақтағы наўқасларға жақыннан жәрдем ҳәм мәсләҳәт бериў, – дейди уролог шыпакер, медицина илимлери докторы У.Худайбергенов. –  Республикалық көп тармақлы медицина орайының урология бөлиминде мастер-класслар өткерип, жоқары технологиялар жәрдеминде әмелге асырылатуғын операцияларды жергиликли шыпакерлерге көрсетип атырмыз. Буннан тысқары бүгинги күнде денсаўлықты сақлаў системасында урология бағдарындағы кең тарқалған кеселликлер сидик жолларындағы инфекциялар, тас кеселликлери ҳаққында районлардағы медицина бирлеспелеринде ислейтуғын шыпакерлерге баянатлар оқыймыз ҳәм сәўбетлер өткеремиз. Сол арқалы олардың тәжирийбелерин арттырамыз. Бүгин Шымбай, Кегейли, Хожели районлары, ертең Төрткүл, Беруний, Елликқала районларына наўқасларды медициналық тексериўден өткериў ушын барамыз. Үшинши күни Республикалық көп тармақлы медицина орайында шыпакерлер ушын шеберлик сабақларын өтемиз.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.