USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

«БИР  СОРАЎҒА  БИР ЖУЎАП»

Бул жойбарда мәмлекетимиз министрликлери ҳәм уйымларының басшы хызмтекерлери, ўәлаят ҳәкимлериниң ӨзА сораўларына жуўаплары берип барылады.

Жойбардың гезектеги мийманы׃

Қаҳраман Сариев,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы

– Нөкис қаласында усы күнге шекем жәмийетлик транспорттың жетиспеўшилиги бойынша үлкен машқала бар. Азанда ҳәм кешки ўақытлары халық усы машқалаға дуўшар болмақта. Нөкисте тийкарынан «Дамас» автомашиналары қатнайды. Не ушын автобуслар қатнаўы жолға қойылмаған?

-Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 2018-жыл 28-август күни Өзбекстан автомобиль транспорты агентлиги басшыларының автомобиль транспорты тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳаққындағы есабатын додалаў бойынша өткерилген мәжилис баянламасына (15268-хҳ, 06.09.2018ж.) муўапық «Өзавтотранс» агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Автотранс Шымбай» УК шөлкемлестирилди.

2018-жылдың 1-декабрине шекем жаңадан шөлкемлестирилген «Автотранс Шымбай» УК кәрханасына 50 дана «Исузу» маркалы автобуслар сатып алынды. Нөкис қаласында жәмийетлик транспорттың жетиспеўшилиги бойынша машқаланың келип шыққанлығы ҳәмде  азанғы, кешки ўақытлары халыққа машқала болып атырғанлығы себепли, усы сатып алынған 50 автобус Нөкис қаласына 10 жөнелис бойынша жолаўшы тасыў хызмети ушын қойылған.

Жөнелислер төмендегише׃

3-санлы, «Әскерий гарнизон-Жийдели байсын елаты»,

5-санлы, «Шадлы аўыл-Темир жол вокзалы-Таслақ»,

6-санлы, «Нөкис Арқа-Батыс автовокзалы-Шадлы аўыл»,

8-санлы, «Жийдели байсын елаты-Нөкис саўда комплекси»,

10-санлы, «Саманбай елаты-Қызкеткен елаты»,

11-санлы, «Қызкеткен елаты-Гөне қала»,

12-санлы, «Шадлы аўыл-Қызкеткен елаты-Ақ жағыс елаты»,

13-санлы, «Саманбай елаты-Қум аўыл»,

17-санлы, «Нөкис Арқа-Батыс вокзалы-Темир жол вокзалы»,

18-санлы, «Саманбай елаты-Боз аўыл» автобус жөнелислери.

ӨзА