Президенттиң Олий Мажлиске мүрәжатында Аралды қутқарыў, оның қурыған аймағында тоғайлықлар пайда етиў, соның ишинде, 2019-жылы 500 мың гектарлық тоғайлық жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратқан еди, деп жазады «Зарафшон» басылымы.

Жаңа жыл қарсаңында бул иске қызғын кирисилди. Бул жерде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлардан аўыл хожалық хызметкерлери, тоғайтөре, селекционерлер, механизатор, әскерий хызметкер ҳәм айрықша жағдайлар мәкемелери хызметкерлеринен ибарат болған мыңлаған қәнигелер сексеўил егиў жумысларын баслап жиберди. Атап айтқанда, Самарқанд ўәлаятынан техникалар, 40 қа шамалас қәнигелер ҳәм механизатор бириктирилип, ҳәзирги ўақытта олар усындай ийгиликли жумысларды атқармақта.

– «Самарқанд ўәлаятлық агросервис МТП» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы 25 жоқары дәрежели техника ҳәм 28 тәжирийбели механизатор менен тоғайлық пайда етиў ушын жерлерди таярлап атырмыз, – дейди жәмийет баслығы, «Пахташы районлық агросервис МТП» баслығы Акмал Раҳматов. – Механизаторларымыз ушын барлық шараятлар жаратылған. Соған жараса жумыстың нәтийжелилиги жоқары. Тийкарынан сексеўил егиў ушын қарық жарып атырмыз. Барлық күш ҳәм имканиятларымызды иске қосып, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға өз үлесимизди қосамыз».

Бул жерде ўәлаяттан тәжирийбели тоғайтөрелер ҳәм ўәлаятлық айрықша жағдайлар басқармасының 6 қәнигеси де қайырлы исти әмелге асырыўға хызмет етпекте.

Олар жаңа 2019-жылды теңиздиң қурыған ултанындағы арнаўлы көшпели казармада күтип алды. Байрамға арнап шөлкемлестирилген илажда алдынғы мийнеткешлерге саўғалар тапсырылды, қарақалпақстанлы көркем өнер ғайраткерлери қатнасыўында йошлы қосықлар атқарылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги